Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы жанындағы Қаллы Айымбетов атындағы «Халық даналығы» фольклор клубының шөлкемлестириўшиси, Жазыўшылар ҳәм Журналистлер аўқамының ағзасы, әдебиятшы фольклорист Әмирлан Сейдин Елсүйер улы тәрепинен қарақалпақ аялаў поэзиясы үлгилериниң жыйналып ҳәм баспаға таярланып, 2020-жылы Ташкент қаласынан «Айнанайын» атамасында өз алдына китап болып басып шығарылып, халқымызға ылайықлы саўға етилиўи, миллий аўызеки дөретпелеримизди қәдирлеўши ҳәм қәстерлеўши ҳәр бир инсанға үлкен саўға болды.

Себеби, шаңарақта нәресте дүньяға келгеннен баслап ҳәр бир ата-ана, жақын-жуўықлар кеўлиндеги ең жақсы тилеклерин, перзентке болған меҳрин, сүйиспеншилигин, жүрегиниң төринен шыққан усындай жағымлы сөзлерди айтып, аймалайды, аялайды. «Айнанайын» деген жыллы сөз арқалы бөбеклерди аялап-әлпешлеп, ҳәр қандай салтты дәстүрий жол менен атқарып барыўы, халқымыздың әсирден-әсирге өтип, атадан балаға мийрас болып киятырған ең жақсы қәдириятларының бири. Тилекке қарсы, бул мийрасты, усындай бай дәстүрлерди ҳәзирги жас әкелер менен жас келинлеримиз биле бермейди.

«Айнанайын» атамасындағы бул топламның өз алдына китап болып шыққанына ана ҳәм қәйинене сыпатында, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқтыўшысы болғаным ушын да оғада қуўандым. Өйткени, умыт болып баратырған көплеген аялаў үлгилерин, айтымларымызды жасларымыздың танып-билиўи, жас аналарымыздың өз перзентлерин аялап-әлпешлеўди, неше бир меҳирли сөзлерди усы китаптан пайдаланған ҳалда айланып-толғанады деген үмиттемен.

Аялаў поэзиясы үлгилери «Әмиўдәрья», «Саза», «Қарлығаш» журналларында жәрияланып барылды. Бирақ бул журналларды ҳәмме алып оқыў имканиятына ийе емес. Бул журналлардан оқып барсам да, оның өз алдына китап болып шығыўы, аялаў поэзиясы жанрлары саналған: айтымаллар, ҳәййиўлер, сөйлемишлер, сүймишлер, санамашлар, термишлер ҳәм тағы басқа да түрлерин олардың бир-биринен өзгешеликлерин, қай ўақытта атқарылатуғынлығы ҳаққында кең түрде түсиник берилиўи, үлгилериниң усынылыўы, келешегимиз болған жас әўладтың аялаў поэзиясы менен тереңнен танысыўға, олардың да ата-ана болғанында бундай аялаў үлгилерин үйренип алып өз перзентлерине үйретип барса, олардың саламат ҳәм озық ойлы, жетик саналы, ақыл-пáрасатлы болып өсиўине, өз бойына инсаныйлықтың ағла пәзийлетлерин сиңдирип барыўына, ана тилимиздеги ең жақсы сөзлерди қәлбине сиңдириўде, «жақсы сөз – жарым ырыс» екенин аңлаўға, атадан-балаға мийрас болып киятырған қәдириятларымыздың мазмунын еле де тереңнен түсинип жетиўге тәрбиялайды.

Айтымлардың басламасы сыпатында айтылатуғын перзент дүньяға келгеннен баслап киндик кескенде, баўырға алғанда, оған ат қойғанда, бесикке салғанда, оны шайқағанда, тис жарғанда, адым атқанда, тусаў кескенде, айдаршаш қойғанда, оны қолға алғанда айтылатуғын айтымалларды көпшилик жас аналарымыз билмейди. Сонлықтан кәйўаны, жасыүлкен аналарымыз өз келинлерине усыларды үйретип барыўы парыз ҳәм қарыз деп билемен. Бул айтымалларда терең мәни, перзентине деген ең жақсы тилеклер жәмленген.

Жасырарлығы жоқ, ҳәзир келинлеримиз бесик жыры болған ҳәййиўди айтыўдың орнына бесикке бөленген баласының басына қол телефоннан қосық айттырып қойып, алдатып уйқылатады. Бириншиден телефон өзинен нур таратып балаға зыян берсе, екиншиден ананың өз перзентине деген меҳрин, сүйиспеншилигин жеткерип бере алмайды. Усы жерде шайырымыз Базарбай Атамуратовтың «Ҳәййиў айтың әзийз аналар!» қосығы ядыма түсти

Дүнья тыңлап бир заўық алсын,

Ҳаўазыңа жәҳән лал қалсын,

Жүреклерге шоқ салып барсын,

Ҳәййиў айтың әзийз аналар!

 

Шадлығыңды көрип қуўансын,

Айт қосықты гөдек жубансын,

Меҳир шашып, қуяш оянсын,

Ҳәййиў айтың әзийз аналар!, – дегениндей жас келинлеримизге бул китапта ҳәййиўлердиң халқымыз арасында айтылып киятырған ең жақсы үлгилери берилген, соларды ядлап алып өз перзентлерине айтып берсе, оны еситип өскен нәресте келешекте жақсы бир инсан болып жетилисиўине өз тәсирин тийгизиўи сөзсиз.

Жаңа тили шығып киятырған нәрестеге сөзлерди айттырып үйретиў мақсетинде сөйлемишлер менен баланың тилин шынықтырған болса, санамашлар арқалы санаўды үйретсе, айтпышлар арқалы сораў-жуўаплы сөз ойынларын, ҳәзиржуўаплыққа үйретсе, шағламалар айтып, «ата-бала ойыны» менен әкеси перзентин қол ушына көтерсе, шыр-гүбелек айландырып ойнатқан болса, ал дарымлар аўырған баладағы кеселликти көшириў, аласлаў, яғный аўырыўды қуўып шығарыў мақсетинде айтылып, баланы тил-суқтан сақлаў ушын айтылыўы арқалы келешекте оның сап денели, саналы, саламат инсан болып жетилисиўине деген ананың тилеги болып есапланады.

Мине усындай жақсы тилекти, жыллы сөзди, жағымлы лебизди еситип, өз бойына сиңдирип өскен бала келешекте – әлбетте, ата-анасының қәдирине жететуғын, өз халқының миллий үрп-әдетлерине, бай дәстүрлерине садық болатуғын, ана тилин қәстерлейтуғын,  өзлигин умытпайтуғын ҳәм жоғалтпайтуғын перзент болып тәрбияланыўында «Айнанайын» китабы айқын тәрбия үлгиси болады деп ойлайман. Усыларды халық арасынан жалықпай жыйнап, тәртиплестирип, кең жәмийетшиликке усынған Сейдин инимизге көп-көп рахмет айтыў менен бирге, оған зор дөретиўшилик табыслар, халқымыздың руўхый қәдириятлары менен усындай аўызеки дөретпелерин келешегимиз болған жасларымызға үйретиўде талмас күш-ғайрат тилеймен.

 

Қызларгүл ҚУДИЯРОВА,

Хожели районлық 29-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жоқары категориялы қарақалпақ тили ҳәм әдебият пәни муғаллими, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, «Шуҳрат» медалы ийеси.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги