Республикамызда жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын еле де жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў бойынша қабыл етилген «Жол картасы»ның 30-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша орынларда пуқараларды көшпели қабыллаўлар өткерилмекте.
Усы жыл 21-апрель күни Шымбай районында Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы Г.Базарбаева, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы А.Нурлипесов, республика прокуратурасы ҳәм Ишки ислер министрлиги ўәкиллериниң қатнасында суд-ҳуқық мәселелеринде гезектеги қабыллаў болды.
Бул жерге үлкен үмитлер менен келген пуқаралар мүлк, жумысқа орналасыў, шаңарақтағы келиспеўшилик ҳәм басқа да мәселелерде мүрәжат етти. Соннан бир пуқараның мүрәжаты усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапқан болса, қалғанлары бойынша қәнигелер тәрепинен ҳуқықый түсиник берилди.
Мәселен, Рустем Нурымбетов алдаўшылық қурбанына айланып қалған. Ол алмаған кредити ушын тартып алынған мүлкин қайтарып алыў бойынша жәрдем сорап келген. Оның бул мәселеси бойынша ҳуқықый түсиник берилди.
Райондағы «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Базаргүл Райымбергенованың үлкен қызы жоқары оқыў орнын питкерген болса, үш перзенти жоқары оқыў орынларында төлемли шәртнама тийкарында оқып атыр. Қабыллаўға баласы Ықласқа жумыс сорап мүрәжат етти. Оның шаңарақ жағдайы үйренип шығылып, баласы жынаят ислери бойынша Бозатаў районлық судына үш ай сынақ мүддети менен жумысқа алынатуғын болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги