Мәмлекетимизде соӊғы еки-үш жыл ишинде сѳз еркинлигин тәмийинлеӯ, мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар тараӯын басқарыӯ системасын қайта шѳлкемлестириӯ, жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық раӯажланыӯдыӊ машқалалы мәселелерин шешиӯде ғалаба хабар қуралларыныӊ ролин арттырыӯ бойынша сезилерли жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, 2019-жылдыӊ 27-июнь күни Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Ғалаба хабар қуралларыныӊ еркинлигин тәмийинлеӯ ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шѳлкемлердиӊ мәлимлеме хызметлери жумысларын раӯажландырыӯ бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары жәрияланып, усы қарар тийкарында республикамыз бойынша  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, Нѳкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлеринде Мәлимлеме хызмети баслығы, айырым министрликлерде ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиӯши қәнигелер жаӊадан жумыс баслады. Бирақ,  бул министрлик ҳәм ҳәкимликлердиӊ баспасѳз хаткерлери ѳз ӯазыйпаларын лазым дәрежеде атқарып атырма?

Бул ҳаққында усы жылдыӊ 20-апрель күни Ѳзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Басшысы орынбасары-Президент Баспасѳз хаткери Шерзод Асадов Президент Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде тараӯдыӊ жуӯапкер басшылары менен ушырасыӯында айрықша атап ѳтип, баспасѳз хаткерлерине қатаӊ жуӯапкершиликлер жүклеп, бир қатар тапсырмалар берди.

Бүгинги күни айырым ҳәкимликлер ҳәм министрликлердиӊ ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиӯши қәнигелери  тәрепинен социаллық тармақларда жәрияланып атырған сын кѳзқарастағы материалларға ѳз ӯақтында рәсмий мүнәсибет билдириӯге суӯыққанлық пенен қараӯы бизди ойландырады.

Мәселен, бул бойынша усы жылдыӊ басынан мениӊ авторлығымда сайтымызда жәрияланған «Талантлы оқыӯшылар ѳмири қаншелли қәӯипсиз?» (9-февраль) атлы сын мақалаға  Хожели районы ҳәкимлиги ҳәм Қурылыс министрлигинен,  «Мийрибийке неге жумыссыз қалды?»(9-февраль 2021-жыл) атлы сын мақалаға Тѳрткүл районы ҳәкимлиги ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, 26-февральдағы  «Бийҳуда кеткен ӯақыт яки пресс-турдан соӊғы пикирлер» , 5-апрельдеги «Қусханатаӯ кѳшесин оӊлаӯға жәрдем берсе екен,-дейди аймақ турғынлары» атлы мақалаларға Нѳкис қаласы ҳәкимлиги, 11-марттағы  «Тақыркѳл машқаласын ким шешеди?» атлы мақалаға Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуӯатлаӯ министрлиги, «12-марттағы «Ақтеректеги балалар бақшасы неге жумыс басламай атыр?» атлы мақалаға Мектепке шекемги билимлендириӯ министрлиги, 5-апрельдеги «Спорт залы жоқ чемпионларға қашан жәрдем кѳрсетиледи?» атлы мақалаға Қанлыкѳл районы ҳәм Халық билимлендириӯ министрликлеринен бирде-бир  рәсмий пикир яки мүнәсибет билдириӯ болмады.

Алдағы ӯақытлары жуӯапкер шѳлкемлер тәрепинен бул орын алып атырған қәте-кемшиликлер тез арада сапластырылып, социаллық тармақларда жәрияланған сын материалларға  Ѳзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Баслығыныӊ орынбасары-Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ Баспасѳз хаткери Шерзод Асадов атап кѳрсеткениндей, ѳз ӯақтында мүнәсибет билдирилетуғынлығына шын кеӯилден исенип қаламыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги