Британияның «Cable.co.uk» порталы 230 мәмлекеттеги интернет баҳалары ҳаққында мағлыўмат берди.

 

Мағлыўматта келтирилиўинше, интернет арзанлығы бойынша Өзбекстан дүньяда 21-орынды ийелеген. Мәмлекетте 1 ГБ интернет ушын ең жоқары баҳа – 23,75 доллар, орташа баҳа – 0,60 доллар, ең төменги баҳа – 0,01 доллар. Бир жыл даўамында Өзбекстан көрсеткишлерин 33 орынға жақсылап алды.

 

«Cable.co.uk» порталы мағлыўматлары бойынша дүньядағы ең арзан интернетке ийе болған мәмлекетлер:

 

– Израиль – бир ГБ ушын орташа 0,05 доллар;

– Қырғызстан – бир ГБ ушын орташа 0,15 доллар;

– Фиджи – бир ГБ ушын орташа 0,19 доллар;

– Италия – бир ГБ ушын орташа 0, 27 доллар.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.