«Өзбеккино» Миллий агентлиги буйыртпасы тийкарында «Ҳүжжетли ҳәм хроникалық фильмлер студиясы» МУК тәрепинен «Умытылмас қаҳарманлар» дүркини бойынша жаңа ҳүжжетли фильмлер сүўретке алынбақта. Усындай фильмлердиң бири қарақалпақстанлы Инаят Наўрызбаев ҳаққында, деп хабар бермекте Кинематография агентлиги мәлимлеме хызмети.
Инаят Наўрызбаев 1918-жылы туўылған, Екинши жер жүзилик урысында пулемётшы сыпатында қатнасқан. Днепр дәрьясы бойындағы урыста қаҳарманлық көрсетип, Советлер Аўқамының қаҳарманы атағы ҳәм «Алтын жулдыз» медалы менен сыйлықланған.
«Умытылмас қаҳарманлар» ҳүжжетли фильмлер дүркини Екинши жер жүзилик урыста мәртлик көрсеткен жерлеслеримиз ҳаққында болып, урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығына бағышланады. Постановкашы режиссёр Наврўза Бийназова «Инаят Наўрызбаев» фильмиң сүўретке алыў процесслери ҳаққында төмендегилерди мәлим етти:
– Дөретиўшилик топарымыз бенен Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл районында болдық. Қаҳарманымыз, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы киши лейтенант Инаят Наўрызбаев усы аймақта туўылып өскен, урыстан қайтып келип совхозларды басқарған. Төрткүл районында 3 күнлик съёмка процесслеринде дерлик барлық эпизодлар алынды. Инаят Наўрызбаевтың жаслығын Шаҳзод Маъруфжонов атқарды. Ҳәзирги ўақытта фильмниң монтаж жумыслары басланды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.