Президенттиң тийисли қарарына бола, Ташкент қаласында 2021-жыл 9-май саат 21.00 де Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине бағышланған байрам салюты шөлкемлестириледи. Бул байрам салютын шөлкемлестириўге Қорғаныў министрлиги жуўапкер етип белгиленди, – деп жазады xs.uz сайты.
Сондай-ақ, қарарға муўапық Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларының тилеклери тийкарында оларды республика аймағындағы санаторийлерге бийпул жиберилиўи тәмийинленеди және олардың ҳәр бирине медициналық ҳәм социаллық хызмет көрсетиў, оларды қастерлеп сақлаў мақсетинде медициналық билимлерге ийе хызметкерлер (шәртнама тийкарында) бириктирилген ҳалда турақлы түрде патронаж хызмети жолға қойылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги