Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги мәмлекетимиздеги жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў илажларына бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги «Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы болыўы керек» деген басламасын әмелге асырыўға қаратылған илажлар шеңберинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети факультетлерине бириктирилген мәкан пуқаралар жыйынлары менен тығыз бирге ислесиў жумыслары баслап жиберилди.
– Президентимиздиң жоқары оқыў орынларының алдына қойған жуўапкершиликли ўазыйпаларды қоллап-қуўатлап, университет факультетлерине бириктирилген, Нөкис қаласындағы 3-секторда жайласқан «Тынышлық», «Қурылысшы» ҳәм «Бақшылық» мәкан пуқаралар жыйынларына барып, бул аймақлардағы «Жаслар дәптери»не кирген ҳәм бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар ҳаққындағы мағлыўматлар менен таныстық,-дейди университеттиң жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры С.Алаўатдинов. – Мағлыўматларға итибар қаратсақ, «Тынышлық» МПЖда 18 ҳәм 30 жас аралығындағы жаслар 756 ны қурайды. Соннан «Жаслар дәптери»не киргенлер саны 42, бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар қатарында болса 30 жас есапта турады.
«Қурылысшы» МПЖ дағы 680 жастың 38и «Жаслар дәптери»нде, 27си бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар. Ал, «Бақшылық» мәкан пуқаралар жыйынында 18 ҳәм 30 жас аралығындағы жаслар 1262 болса, соннан «Жаслар дәптери»нде 70, бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар саны 50ди қурайды.
Келтирилген бул санлардың артында ҳәр бир жастың келешеги турғанлығын есапқа алсақ, оларда бүгинги күн талабынан келип шығып жаңаша көз-қарас, жаңаша ойлаў сезимин қәлиплестириў зәрүр. Мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары менен аймақтағы бәнтлиги тәмийинленбеген жаслардың мәселелери терең үйренилип, олардың бос ўақтын бийкар өткермеўи, өнер үйрениўи ушын шараят жаратыў бағдарында өз-ара пикир алыстық.
«Жаслардың бос ўақты душпанның ис ўақты» деген терең мәнили пикир ҳақыйқатында да турмыс шынлығы, сонлықтан да олардың қыңыр жолларға кирип кетпеўи ушын бос ўақытларын пайдалы жумыс пенен бәнт етиў бүгинги күнниң талабы есапланады.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети факультетлерине бириктирилген мәкан пуқаралар жыйынлары менен бирге ислесиў бағдарындағы дәслепки ушырасыўларда ҳәр бир жастың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетине қарап өнер үйретиў бағдарында жумыс алып барыў бас мақсет етип белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги