Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиндеги арнаўлы оқыў-суд залында жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының көшпели ашық суд мәжилиси өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 2-бөлиминде көрсетилген жынаят бойынша, яғный автотранспорт қуралын мәс ҳалында басқарып, жол транспорт ҳәдийсесин келтирип шығарған шахстың қарсысына топланған жынаят иси, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 131-статьясы 1-бөлими ҳәм 134-статьясында көрсетилген ҳуқықбузарлықты ислеген пуқаралардың қарсысына топланған ҳәкимшилик иси көрип шығылды.
Суд мәжилисинде судланыўшылардың, жәбирлениўшиниң ҳәм гүўалардың көрсетпелерин, тәреплердиң пикирлери, судланыўшылардың жарыс сөзлерин ҳәм ақырғы сөзлерин тыңлап, топланған ис ҳүжжетлери үйренип шығылып, тийисли ҳүким шығарылды. Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын буннан былай да жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў бойынша қабыл етилген «Жол картасы»ның 48-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде университетте шөлкемлестирилген оқыў-суд залында өткерилген бундай ашық суд процесслери арқалы студентлерде процессуал ҳүжжетлер менен ислесиў көнликпелери раўажланады, суд жумысларын жүргизиўдиң айырым басқышларының өзгешеликлерин үйренеди. Сондай-ақ, суд ислериниң айырым түрлерин көрип шығыў ҳәм шешиў, суд риторикасы көнликпелерин раўажландырыў, судта өз мәплерин қорғаў, жәмийетшилик алдында сөйлеў, логикалық ойлаў, жуўмақлар шығарыўға үйретеди. Анығырақ айтқанда, болажақ юристлер теориялық билимлерин усы жердиң өзинде беккемлейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги