Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пленумы мәжилиси болып өтти.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте судьялар, сенаторлар, депутатлар, Судялар жоқары кеңеси, Судьялар ассоциациясы, ҳуқық қорғаў уйымларының жуўаплы хызметкерлери, ҳуқықтаныўшы илимпазлар қатнасты.
Жоқарғы суд баслығы К.Комилов басқарған мәжилисте суд системасында әмелге асырылып атырған жумыслар, оларды көриў сапасын арттырыў, әдил ҳәм нызамлы суд қарарларын қабыл етиў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында қысқаша мағлыўмат берилди.
Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 24-июльдеги «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы менен «бир суд – бир инстанция» принципи тийкарында жумыс алып барыў, инвесторлар ҳуқықларының исенимли суд қорғаўын тәмийинлеў, суд уйымларының әмелдеги структурасын заман талаплары ҳәм халықаралық стандартларға бола үйлестириўге қаратылған механизм жаратылды.
Пәрман талапларынан келип шығып, нызамшылыққа өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Сол тийкарда пленум қарарларының жойбарлары таярланды.
Мәжилисте усы жойбарлар додаланды. «Судлар тәрепинен жынаят ислерин апелляция тәртибинде көриў әмелияты ҳаққында»ғы қарар жойбарында жынаят ислерин апелляция тәртибинде қайта көрип шығыў суд процеси қатнасыўшыларының нызамлық күшке кирмеген суд қарарлары үстинен даўа бериўге болған ҳуқықын кепиллейтуғын әҳмийетли ҳуқықый институт есапланатуғыны түсиндирилген.
Жоқарғы суд пленумының «Судлар тәрепинен пуқаралық ислерин апелляция тәртибинде көриў әмелияты ҳаққында»ғы қарарының жойбары Пуқаралық процессуал кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилгенлиги, суд әмелиятында бул бағдарда айырым мәселелер пайда болып атырғанлығы мүнәсибети менен, сондай-ақ, нызам нормалары бир түрде ҳәм дурыс қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған.
Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодекске өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилгенлиги мүнәсибети менен суд әмелиятында жүзеге келген сораўлар және нызам нормаларын бир түрде ҳәм дурыс қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде «Судлар тәрепинен ҳәкимшилик ислерин аппеляция тәртибинде көриў әмелияты ҳаққында»ғы пленум қарары жойбары ислеп шығылған.
Жоқарғы суд пленумының «Судлар тәрепинен экономикалық жумысларды апелляция тәртибинде көриў әмелияты ҳаққында»ғы қарар жойбары Экономикалық процессуал кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилгенлиги, суд әмелиятында айырым мәселелер келип шығып атырғаны мүнәсибети менен таярланған.
Экономикалық процессуал кодексине муўапық, исте қатнасыўшы шахслар, сондай-ақ, исте қатнасыўға тартылмаған, бирақ ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери ҳаққында суд шешиўши қарар қабыл еткен шахслар биринши инстанция судының нызамлы күшке кирмеген шешиўши қарары үстинен аппеляция даўасын бериўге ҳақылы.
Көрип шығылған усы төрт әҳмийетли жаңа пленум қарары жойбарларында тийислилигине бола ислерди көрип шығыўдың барлық тәреплери бойынша толық түсиник берилген.
Мәжилисте Жоқарғы суд пленумының басқа бир қатар қарарларына өзгерислер киргизиўге байланыслы мәселелер де додаланды.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы