Бул сораўға Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде болып өткен брифингте Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Севара Убайдуллаева төмендегише жуўап берди:

– Вакцина алғаннан кейин вакцина салынған жерге 3 күн мүддетте суў тийгизбеў усыныс етиледи.

Вакцина инсанның ийин булшық етиниң арасына жиберилиўи, жиберилген жерге улыўма шомылған ўақытта суў тийиўи мүмкин. Сол себепли, шыпакерлер шомылмай турың деп айтып атырған.

Бүгинги күнде бәҳәр пасылы, күнлер менен түнлерде суўық ҳәм ыссы ҳаўа өзгерип турыпты. Ҳаўаның бундай өзгериўи инсан организмине тәсир етеди ҳәм әсиресе шомылған адамлардың организминде тоңыў сыяқлы жағдайлар бақланады.

Бул болса организм ушын артықша стресс ҳәм бул иммун системаға тәсир етип емленгеннен кейин қосымша аязлаўлардың пайда болыўын келтирип шығарыўы мүмкин.

Жуўмақлап айтқанда, шаншыўдан кейин илажы барынша иммун системаға тәсир етиўши әдетлерден сақланыўңыз ҳәм саламатлығыңызды қорғаўыңыз мақсетке муўапық болып есапланады, бул өз орнында коронавирусқа қарсы беккем иммунитет пайда етиўге жәрдем береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги