Усы жылдың 16-18-апрель күнлери Ташкент қаласында көркем гимнастика бойынша Жәҳән кубогының екинши басқыш жарыслары болып өтти.

 

Жарыс Токио Олимпия ойынларына зәрүр болған рейтинг упайларын бериўи менен әҳмийетли болды.

 

Жарыс жуўмақлары бойынша өзбекстанлы қызлар тарийхта биринши мәрте топар басқышларының көпгүрес бағдарында жеңимпазлықты қолға киргизди.

 

Қуўанышлы тәрепи, жеңимпазлар арасында қарақалпақстанлы спортшы, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студенти Шахзада Ибрагимова да алтын медаль ийесине айланды. Бул ҳаққында Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары Ж.Абдижамилов хабар берди.

Жеңимпаз спортшы Нөкис халықаралық аэропортында кең жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен күтип алынды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.