Шоманай районындағы 1-секторға қараслы «Айбүйир»  мәкан пуқаралар жыйыны район орайынан 5-6 километр узақлықта жайласқан елат болып, ѳткен жылы бул аймақ «Абат аӯыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилген еди. Лекин, 2020-жылы елимизде ҳүким сүрген пандемия себепли, бул мәмлекетлик бағдарлама талаплары толық орынланбай қалған еди.

Жақында усы жыйын аймағында жайласқан « Айбүйир» аӯыллық шыпакерлик пункти имаратыныӊ қурылыс ислери толық тамамланып, оны халық ийгилигине тапсырыӯ мәресими болып ѳтти. Ашылыў мәресиминде район ҳәкими Б.Янгибаев, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы ўәкили М.Нуратдинов, нураный муғаллим А.Узақовлар шығып сѳйлеп, аӯыл халқын жаңа имараттың тапсырылыўы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соӊ қурылыс жумысларын ислеген «Набирал-Кегейли» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети баслығы А.Дәӯқараев тәрепинен районлық медицина бирлеспеси баслығы С.Адакаевқа шыпакерлик пунктиниӊ символикалық гилти тапсырылды.

Салтанатлы илажда қурылысшыларға  район ҳәкимлиги ҳәм медицина бирлеспеси тәрепинен баҳалы саӯғалар тапсырылып, илаж қатнасыӯшылары шыпакерлик пунктиниӊ ишки имканиятлары ҳәм пуқараларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Мағлыӯмат ушын соны атап ѳтиӯимиз керек, бул аўыллық шыпакерлик пунктинде бүгинги күнде 2 тәжирийбели шыпакер, 9 патронаж, 6 мийирбийке, 2 лаборант ҳәм 2 акушерка жумыс алып барып, олар «Айбүйир» ҳәм «Ақжап» пуқаралар жыйынындағы  6600 ден аслам  халыққа медициналық жақтан хызмет кѳрсетеди.

-Ѳткен жылы аӯылымызға жаӊадан ишимлик суӯы тармағы тартылып берилген болса, быйылғы жылы электр линиялар ҳәм бағаналарын жаӊасына алмастырыӯ ҳәм жолларымызды оӊлаӯ жумыслары алып барылмақта. Халқымыз ѳзлерине кѳрсетилип атырған бундай ғамқорлықтан күтә миннетдар,-дейди жыйын баслығы Генжебай Тѳрениязов.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги