Шоманай районындағы 1-санлы  орта улыўма билим бериў мектебинде Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли баслама тийкарында «Әжайып реңлер жылўасы» атамасында сүўретлер таңлаўы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышланып өткерилген таңлаўда мектептиң «Жас қәлемкешлер» дөгерегиниң ағзалары ҳәм үй шараятында билим алып атырған оқыўшылар қатнасты.

Таңлаў жуўмағында мектептиң 9-класс оқыўшысы Азада Қайпова биринши, 11-класс оқыўшысы Амангелди Боранбаев екинши, 6-класс оқыўшысы Шахзада Пирниязова үшинши орынларды ийеледи.

 

-Ҳәзир пүткил елимиз бойлап ең уллы, ең әзийз байрам – Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң  отыз жыллығына қызғын таярлық көрилмекте,-дейди мектеп директоры Замира Алланиязова.-Сонлықтанда оны кең жәмийетшиликке, соның ишинде жасларымыздың санасына жеткериў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы болып табылады. Таңлаўды өткериўден мақсет, бул байрамның әҳмийетин, турмысымызда тутқан орнын қыл қәлем арқалы сәўлелендириў болып табылады.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги