Усы жыл 1923-апрель күнлери аралығында «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»на бағышланып «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!»  сүрени астында  Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнери фестивалы өткерилмекте. 

19-апрель күни Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында усы фестивальдың ашылыў мәресими өткерилди.

– Фестивальдың ашылыў мәресиминде 14  жас художниктиң  40 тан аслам дөретпелери орын алған. Илаж даўамында устаз художниклер менен ушырасыў кешеси өткерилип, биз жаслар өзлеримизди қызықтырған сораўларға жуўап алдық,- дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Севинч Батырбаева. Сондай-ақ,  бул фестивальдың мазмун-мәниси, әҳмийети, фестиваль даўамында режелестирилген илажлар бойынша да көплеген мағлыўматларға ийе болдық.

Фестиваль шеңберинде белгили художниклердиң  дөретпелеринен ибарат көргизбелер, тарийхый орынларға пленэр саяхатлар,  дөгерек сәўбетлери ҳәм шеберлик сабақларын өткериў белгиленген.

-Елимизде карантин шеклеўлери орнатылғанлығы себепли фестиваль республикамыздағы қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектеплери, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм басқа да орынларда өткериў режелестирилген. 20-апрель күни Арқа-батыс әскерий округи әскерлери ҳәм усы әскерий қаладағы мектеп оқыўшылары менен биргеликте  устаз художниклердиң қатнасыўында «Шылпық» тарийхый орнына  саяхат шөлкемлестирилип,  ол жерде этюд сызыў  бойынша шеберлик сабағын өтиў режелестирилген, – дейди  Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң бас илимий хаткери Ахмет Хожамбергенов.

Фестиваль даўамында дизайнерлердиң дөретпелеринен де көргизбелер  шөлкемлестириледи.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы