Егинлерден жоқары өним алыўда минерал төгинлердиң әҳмийети үлкен. Әмелиятта төгинлерди қоллаўда агротехникалық мүддетлер ҳәм стандарт белгиленген нормаларының бузылыўы күтилген нәтийжени бермейди.

Тәжирийбели дийқан топырақ қурамында азықлық элементлердиң, әсиресе, азот, фосфор ҳәм калийдиң жетиспеўшилиги яки оның артықша болыўы өсимликке унамсыз тәсир ететуғынлығын жақсы биледи.

Бүгинги күнде республикамызда «Өзагрохимияқорғаў» АЖның «Қарақалпақагрохимияқорғаў» аймақлық акционерлик жәмийети ҳәм оның районлардағы филиаллары жумыс ислеп турыпты.

«Қарақалпақагрохимияқорғаў» аймақлық акционерлик жәмийетиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары етип, өсимликлерди қорғаў, зыянкеслер, өсимликлердиң кеселликлери ҳәм жабайы өсимликлер менен гүресиў тараўында фермерлер, дийқан хожалықлары, басқа шөлкемлер менен халыққа комплексли агрохимиялық хызмет көрсетиў, буйыртпалар ҳәм кепиллик шәртнамаларға муўапық аўыл хожалығын минерал төгинлер менен тәмийинлеў ҳәм басқа да ўазыйпалар белгилеп берилген.

Жақында «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Қарақалпақагрохимияқорғаў» АЖның барлық район филиалларында тараўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша тексериў қадағалаў илажлары өткерилди.

– Усы тексериў-қадағалаў илажларын өткериў даўамында «Қарақалпақагрохимияқорғаў» АЖ ҳәм оның филиаллары тәрепинен фермерлер, дийқан хожалықлары, кластер шөлкемлери ҳәм халыққа сапалы ҳәм кепилленген агрохимиялық хызметлер көрсетиў, шәртнамаларға муўапық аўыл хожалығына сертификатланған минерал төгинлер менен химиялық төгинлердиң жеткерип берилиўи, минерал төгинлер және химиялық препаратлардың нормативлик ҳүжжетлердиң талаплары тийкарында сапалы сақланыўы ҳәм тексериў режесинде көрсетилген басқа да мәселелер үйренилди,-дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нормативлик ҳүжжетлердиң орынланыўын қадағалаў, сертификатлаў ҳәм метрология бөлими бас инспекторы А.Қозиев.

Буннан басқа «Қарақалпақагрохимияқорғаў» АЖның районлық филиаллары, дийқан хожалықлары, басқа шөлкемлер тәрепинен халыққа минерал төгинлер менен химиялық препаратларды тарқатыўда өлшеў қуралларының белгиленген тәртипте мәмлекетлик стандарттан өткерилиўи үйренилди.

Үйрениў даўамында жәмийеттиң айырым район филиалларындағы өлшеў тәрезилери ҳәм басқа түрдеги өлшеў қураллары белгиленген мүддетлерде мәмлекетлик стандарттан өткерилмеген ҳалда пайдаланылып келингени анықланды. Усы ҳалатлар бойынша 9 жуўапкер шахсқа қарсы агроинспекция ўәкилликлери шеңберинде топланған ҳүжжетлер жәмленип, ӨзР ҲЖҳКниң тийисли статьялары бойынша ҳәкимшилик жуўапкершилик мәселелери көрип шығылыўы ушын белгиленген тәртипте судларға өткерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги