Усы жыл 12-17-апрель күнлери аралығында Ташкент қаласында cпорттың жүзиў түри бойынша Өзбекстан ашық чемпионаты өткерилди.

Чемпионатқа Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти, Ѳзбекстан  сайланды командасының ағзасы Әдилбек Юсупбаев табыслы қатнасып, жеңимпаз болды ҳәм  Япония пайтахты Токио қаласында  болып өтетуғын ХХХII жазғы Олимпиадасына қатнасатуғын жолламаны қолға киргизди.

Нөкис темир жол вокзалында спортшыны кең жәмийетшилик ўәкиллери, спортшының устазлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери  салтанатлы жағдайда күтип алды.

Ушырасыўда шығып сөйегенлер, спортшыны ерискен жетискенлиги менен қутлықлап, Токиода болып ѳтетуғын ХХХII жазғы Олимпиада ойынларында табыслар тиледи.

-Шәкиртим Әдилбекке Нөкис олимпиада резервлери колледжинен баслап устазлық етип баслағанман. Чемпионатта ол 100 метр аралыққа ваттерфлай усылында қатнасып, чемпион болды. Келешекте олимпиада ойынларында буннан да жоқары нәтийжелерди күтип қаламыз, – дейди чемпионның тренери Нызаматдин Атамуратов.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң  шолыўшысы