Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң арасында шахмат бойынша жарыс болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жеке қурам арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, хызметкерлердиң физикалық таярлығын буннан былай да арттырыў, спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў мақсетинде кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген жарыста ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, патруль-пост, жол-патруль ҳәм пробация бөлимлеринен 16 хызметкер қатнасты. Жарыс жуўмағы бойынша биринши орынды министрликтиң Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасынан қатардағы Султан Оразымбетов, екинши орынды Тахтакөпир районы Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары майор Рустем Инятов, үшинши орынды Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасынан майор Айбек Бекманов ийеледи.

Жарыс жеңимпазларын Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары полковник И.Аҳмедов қутлықлап, оларға диплом ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы