Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың, әсиресе жаслардың экологиялық мәдениятын арттырыў, қоршаған орталыққа болған итибарын күшейтиў, ана тәбиятты келешек әўлад ушын сақлаў, экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм жүз берип атырған унамсыз тәсирдиң алдын алыў  илажлары көрилмекте.

Атап айтқанда, өткен шемби күни Нөкис қаласында «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абат жасайық!»  сүрени астында «Таза қала» жойбары шеңберинде ғалабалық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў акциясы болып өтти. Бул баслама Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Нөкис қаласындағы «Жаслар орайы» имаратының алдында жаслар басламасының салтанатлы ашылыў мәресими болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң баслығы Б.Алиханов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жасларымыздың бул басламасының әҳмийетине тоқтап өтти ҳәм оларға әўмет тиледи.

Илажда Нөкис қаласын таза аймақ ҳәм жасыл белбеўли қалаға айландырыў, жаслардың санасында экологиялық мәдениятты арттырыў, елимизде әмелге асырылып атырған жәмийетлик-сиясий өзгерислерде жаслардың қатнасын арттырыў ҳәм оларда Ўатанды сүйиўшилик сезимлерин жетилистириў мақсетинде Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ислеп шығылған  www.ncity.uz сайты арқалы абаданластырылыўы зәрүр болған 61 аймақ картаға жайластырылды. Илаж алдынан белсенди 300 ден зыят жастан ибарат «Кеўилли жаслар» отряды шөлкемлестирилип, белгиленген аймақларда халықтың арасында үгит-нәсият жумысларын алып барды.

Жойбарда қатнасыўшы министрликлер, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, оқыў орынлары жасларының қатнасында өзлерине бириктирилген аймақларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылды. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен бағыўшысынан айырылған шаңарақларға үй жумысларында жәрдем берилген болса, Арқа-батыс әскерий округи әскерлери тәрепинен «Шорша баба», «Салмен ата» қойымшылықлары абаданластырылды.

Илаж шеңберинде «Эко патруль» акциясы шөлкемлестирилип,  «Жаслар орайы» әтирапында «Каръера» жас кадрларды таярлаў клубының ағзалары  тәрепинен гүллер бағын жаратыў ислери алып барылды. Буннан тысқары, 9 «Кеўилли патронаж жаслар» отряды тәрепинен «Ветеранлар ҳүрметимизде» жойбары бойынша урыс ҳәм мийнет ветеранлары, бағыўшысынан айырылған, майыплығы болған, жалғыз баслы пуқаралар медициналық тексериўден өткерилди. «Пидайы жаслар» тәрепинен усындай 21 пуқараның үй жумысларына жәрдем берилип, олар жасап атырған турақ жайларының әтирапы абаданластырылды. Сондай-ақ, жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақ тапсырылды. Үлкемизге келип атырған қуслардың көбейиўи менен бир топар жаслар тәрепинен «Қусларға ғамқорлық етемиз» сүрени менен уялар жасалып, тереклерге қыстырып шығылды.

-Илажда жасларымыз өзлериниң басламасы менен қатнасып, Нөкис қаласының тазалығына үлесин қосып атыр,-дейди Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Бозатаў районлық бөлиминиң баслығы Нызаматдин Төремуратов. –Келешекте районымызда да усындай жойбарды өткериўди режелестирип отырмыз.

Жасларымыздың басламасы менен әмелге асырылған илаж даўамында 4250 түп мийўе, 18260 түп саяманлы терек ҳәм мыңға шамалас гүл нәли егилди. Нөкис қаласынан 225 тонна шығынды алып тасланды. Усы күни мийнет еткен 20 мыңға жақын, соның ишинде жаслар халқымызға тән мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик ҳәм жақсылық пазыйлетлериниң үлгисин көрсетти. Келеси усындай илаж Тақыятас қаласында болып өтеди.

И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда «Таза қала» жойбарында белсене қатнасқанларды сыйлықлаў мәресими болды. Онда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасып, жасларды қайырлы басламалары менен қутлықлады. «Ең белсенди пуқаралар жыйыны», «Ең белсенди жаслар отряды», «Ең жақсы баслама», «Ең белсенди мәкеме» ҳәм басқа да бир қатар номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илаж көркем өнер шеберлериниң гала концерти менен жуўмақланды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы