ХХ әсирдеги ең үлкен экологиялық апатшылықлардың бири – Арал теңизиниң дерлик пүткиллей қурып қалыўы болып есапланады. Дүньядағы ең үлкен көллердиң бири болған Арал бүгинги күнде шөлистанға айланды. Каспий теңизи де усындай қәўип астында болыўы мүмкин. Илимпазлар климаттың өзгериўи себепли 90 жылдан кейин Каспий теңизиниң үштен бир бөлеги тартылады, деген болжаўларды жәриялады.
ХХI әсирдиң ақырына шекем адамзат және бир «гәўҳары»нан айрылыўы мүмкин. Германия ҳәм Голландияның илимпазлары усындай жуўмаққа келген. Илимий жумыстың нәтийжеси «Communications Earth and Environment» журналында жәрияланды.
Иран, Түркменстан, Россия, Әзербайжан ҳәм Қазақстан шегарасындағы Каспийдиң суўы 1970-жылдан берли азайып келмекте. Соңғы жылларда суўдың тартылыўы жылына 7 сантиметрге жеткен. Алдағы он жылда бул көрсеткиш артыўы мүмкин.
«Изертлеў нәтийжесине муўапық, Париж шәртнамасы толық орынланса, Каспий теңизиниң қәдди 9 метрге шекем төменлейди. Ал егер бундай болмаған жағдайда әсир соңында Каспий суўларының 34% и тартылып, теңиз қәдди 18 метрге түседи», – деп жазылған илимий жумыста.
Каспий суўының қәдди үш факторға ғәрезли. Бириншиден, Каспий теңизин 90% Волга дәрьясы суў менен тәмийинлейди. Екиншиден, қыста жаўатуғын жаўын-шашын, үшиншиден болса, дүньялық климаттың ысыўы тәсиринен суўдың пуўланыўы артып бармақта.
Изертлеўшилердиң болжаўына қарағанда, алдағы ўақытларда қыста жаўатуғын жаўын-шашынның муғдары артып, Волганың суўы көтериледи. Бирақ, соған қарамастан, дүнья жүзилик климаттың ысыўы ақыбетинде Каспий теңизиниң қәдди төменлей береди. Егер буның алды алынбаса, Баку портынан айырылып, Қара буғаз көли толық кеўип кетеди. Ал Каспий теңизиниң арқа қырғақлары бирнеше километрге шегинеди.
Илимий жумыста Арал менен Каспий «тәғдирлес» екенлиги жазылған. Өйткени, 2003-жылға шекем Аралдың суўы 90% тартылып, жағалаўы 100 километрге шегинген. Ал қалдық суўдағы дуздың муғдары еки ярым есеге артқан. Ҳәзир Арал теңизиниң орнында Аралқум саҳрасы қалды.
Бирақ, Каспий теңизи усындай «қәўипке» ушырамайды. 2100-жылға шекем теңиз суўының 34% и кеўип кетиўи мүмкин. Бирақ, үштен бир бөлеги тартылған Каспий өли теңизге айланады. Өйткени, ҳаўа қурамындағы кислород муғдарының азайыўы ақыбетинде теңиздеги тиришилик түрлери жойтылады.
«Дәслебинде жағалаўдағы қалалар теңиздиң тартылып атырғанын бирден сезбейди, бирақ, ўақыт өтиўи менен ҳаўаның қурамындағы кислород муғдарының азайғанын сезеди», – дейди Голландияның Утрехт университетиниң геологы, илимий изертлеў жумысының авторы Фрэнк Весселинг.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.