Нөкисте «Қамақтағылардың ҳәм қамақта сақланып атырған шахслардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў тараўында Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери ҳәм халықаралық-ҳуқықый нормалар» темасында аймақлық семинар болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ)ниң Өзбекстандағы жойбарлары Координаторы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Қарақалпақстан Республикасы суды, прокуратурасы, Ишки ислер ҳәм Әдиллик министрликлери, тийисли мәкемелердиң ўәкиллери қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) Секретариатының баслығы С.Азимов, ЕҚБШның Өзбекстандағы ҳуқықый мәселелер бойынша жойбарлары Координаторының мәсләҳәтшиси И.Файзуллин, Қазақстан Республикасы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили жанындағы миллий профилактика механизмин муўапықластырыўшы кеңестиң ағзасы А.Ибраева ҳәм басқалар жабық мәкемелерде инсан ҳуқықларына әмел  етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаў институтларының жумысы, бул бағдарда Қазақстан Республикасы тәжирийбеси, жәмийетлик комиссиялары мониторинги ҳәм миллий профилактика механизми арасындағы айырмашылықлар, қыйнаўлар ҳәм басқа да аяўсыз, адамзатқа жат ямаса кемситиўши қатнаста ямаса жазаны қадаған етиў бойынша ЕҚБШ стандартларына тоқтап өтти.

Тийкарғы нызамымыз Конституцияда инсан ҳуқықлары менен еркинликлери мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдары сыпатында белгилеп қойылған. Соның ишинде, ҳеш ким қыйнаўға салыныўы, зорлыққа, аяўсыз ямаса инсанның қәдир-қымбатын кемситетуғын басқа түрдеги күш өткериўге ушыраўы мүмкин емес. Себеби, ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўдың әҳмийетли шәртлеринен бири – бул инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 46-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, 2030-жылға шекем мөлшерленген Турақлы раўажланыў мақсетлери мәмлекетимизде ҳәр бир инсанның ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын «ҳеш кимди итибардан шетте калдырмаў» принципи тийкарында әмелге асырылады. Бир ғана өткен жылдың өзинде 50 мың ўатанласымыз Өзбекстан пуқаралығына қабыл етилди, быйыл және 20 мыңнан аслам адам пуқаралыққа ийе болады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы