Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 13-апрельдеги қарары тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи шөлкемлестирилди.

 

Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1-жайда жайласқан (бурынғы Бердақ миллий музейи) имарат ҳәм объектлериниң мүлклери және басқа материаллық байлықлары менен биргеликте бир ай мүддетте музейге оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилиўин тәмийинлейди.

 

Музейдиң қаржыландырыў дәреклери сыпатында:

 

– Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджет қаржылары;

– өз жумысларынан түсетуғын дәраматлар;

– юиридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик жәрдемлери;

– нызамшылық ҳүжжетлери тийкарында қадаған етилмеген басқа дәреклер белгиленбекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.