Усы жыл 15-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы  И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде белгили қарақалпақ художниги Абдулла Еримбетовтың туўылғанына 90 жыл толыў мүнәсибети менен еслеў кешеси ҳәм художниктиң «Әлемди таң қалдырған үлке» атамасындағы көргизбеси өткерилди.

Оған көркем өнер ықласбентлери, белгили художниклер, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Көргизбеден художниктиң 50 ден аслам дөретпелери орын алған.

Көргизбениң ашылыў салтанатында шығып сөйлегенлер, художник А.Еримбетовтың өмири ҳәм дөретиўшилиги, сүўретлеў өнериндеги орны, музейде сақланып атырған 100ден аслам дөретпелери ҳаққында атап өтти.

– Абдулла Еримбетов балалығынан ата-анасынан ерте жетим қалып, балалар үйинде тәрбияланған. Мектепти тамамлағап, таңлап алыў арқалы А.Островский атындағы Ташкент театр ҳәм сүўретшилик институты (ҳәзирги Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты) на оқыўға киреди. Усы оқыў орнын тамамлағаннан соң, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына келип жумыс ислейди. Театрда ислеп жүрген жыллары ол өзи оқыған институттың  безеў бөлимине жумысқа жибериледи. Ол жерде устазлары Р.Ахметов, М.Саидов ҳәм В.Ковининлерден сүўретлеў көркем өнери бойынша терең билим алады, – дейди Қарақалпақстан халық художниги Жеңис Лепесов.

 

Художниктиң  «Аралда ақшам», «Ерте гүз», «Қызкеткен елаты», «Қаратерең», «Қара үй менен пейзаж» атамасындағы дөретпелери жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы