15-апрель «Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетилик музейинде «Шыңқобыз – әсирлер сазасы» атамасында ушырасыў кешеси өткерилди.
Оған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары, Нөкис мәденият ҳәм қәнигелестирилген мектепби оқыўшылары, олардың устазлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Ушырасыў кешесинде шығып сөйлегенлер, қарақалпақ миллий саз әсбапының бири шыңқобыздың басқа саз әсбаплардан өзгешелиги, онда шертилетуғын намалардың жағымлы ҳаўазы, қобыздың келип шығыўына байланысла рәўиятлар, мағлыўматлар туўралы сөз етти.
– Шыңқобыз бир неше жыллық тарийхқа ийе саз әсбап болып, бүгинги күнге шекем әўладтан-әўладқа жетип келмекте. Бүгинги ушырасыў кешесинде жасларымыз оның келип шығыў тарийхы, шертиў усыллары ҳаққында көплеген мағлыўматларға ийе болды, – дейди Нөкис мәденият ҳәм қәнигелестирлген мектеби муғаллими Г.Рахманова.
Ушырасыў қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы