Усы жылдың 14-15-май күнлери Мойнақта «Стихия» электрон музыка, мәденият ҳәм илим фестивалы болып өтеди. Бул бойынша ӨзР Министрлер Кабинетиниң тийисли мәжилис протоколы тастыйықланды, деп жазбақта Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң ҚР аймақлық басқармасы.

 

Еки күн даўам ететуғын фестивальда «AH! KOSMOS», «ANDREA», «EDIT SELECT», «IDA», «GALIYA BISENGALIEVA», «LINDA LAZAROV», «NAZIRA», «NINA KRAVIZ», «PRISHELETZ», «ZACK» сыяқлы диджейлер қатнасыўы белгиленгенлиги ҳаққында алдын хабар берген едик.

Еслетип өтемиз, 2019-жылы болып өткен «Стихия» фестивалына Уллы Британия, АҚШ, Украина, Швеция, Дания ҳәм Япония мәмлекетлеринен көплеген диджейлер қатнасқан еди.

2020-жылдың 11-12-сентябрь күнлери өткерилиўи жобаластырылған фестиваль пандемия себепли басқа сәнеге қалдырылған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.