Наманган қаласында спорттың муай-тай спорт түри бойынша 2003-2004-жыллары туўылған жаслар ҳәм үлкен жастағылар арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилди.
Оған Қарақалпақстан сайланды командасы қурамынан 10 спортшы табыслы қатнасып қайтты.
Чемпионат жуўмағында жаслар арасында 48 килограмм салмақта Асрор Кәримов үшинши, +91 килограмм салмақта Дияр Бекжанов екинши орынды ийелеген болса, үлкен жастағылар арасында 57 килограмм салмақта Абатбай Өтегенов ҳәм 81 килограмм салмақта Оңғарбай Баймуратовлар бириншиликти ийелеп, Өзбекстан чемпионлары атанды. Сондай-ақ, 60 килограмм салмақта Шаодат Толыбаева үшинши орынды ийеледи.
-Чемпионатта шәкиртлерим Абатбай Өтегенов пенен Оңғарбай Баймуратовлар өзлериниң тынымсыз шынығыўлары, өз үстинде үзликсиз ислеўи нәтийжесинде чемпион болды. Келешекте буннан да жоқары нәтийжелерди күтип қаламыз, – дейди олардың тренери Дамир Ҳасанов.
Чемпионат жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы