Нөкис олимпиада резервлери колледжинде спорттың дзюдо гүреси  бойынша 20062007– жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Чемпионатқа қалалық ҳәм районлық басқышта жеңимпаз болған 100 ден аслам спортшылар 10 салмақ категориясында қатнасып, өз-ара күш сынасты.

Жарыс жуўмағында өз салмақ категориясында ер балалар арасында Х.Султанов, Н.Ерназаров, С.Толыбаев, А.Сырғабаев, С.Собетов, А.Мәўленбаев, А.Халхаманов, Ж.Муратбаев, Ж.Арызов, А.Жарылқасимов, ал қызлар арасында Д.Орақбаева, Г.Бахытбаева, Г.Айтбаева, У.Ешниязова, Қ.Қуралбаева, Б.Азатова, Д.Орынбаева, И.Жумабаева, Г.Базаргалиева, Н.Бахтияровалар биринши орынды ийелеп, Қарақалпақстан чемпионы болды.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярлаған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилди