Усы жыл 10-11-апрель күнлери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмийетлик хызмет хызметкерлери кәсиплик аўқамлары Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен пайтахтымызда жайласқан 12 мәкеме ҳәм шөлкем хызметкерлери арасында спорттың мини футбол түри бойынша жарыс өткерилди. 

Жарысқа жәми 110 хызметкер қатнасып, өз-ара күш сынасты. Жарыс жуўмағында Орайлық банктиң  Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы командасы биринши, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги командасы екинши, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы командасы үшинши орынды ийеледи.

Сондай-ақ, «Ең жақсы дәрўазаман» номинациясы бойынша Бахтыяр Бекбергенов, «Ең жақсы топ урар» номинациясы бойынша Атанияз Қурбаниязов ҳәм «Ең жақсы ойыншы» номинациясы бойынша Айбек Казаковлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы