Пикирлер кесилиспесинде
Жазыўшы шайырлар менен улыӯма жәмийетлик пикирлерде “әдебий сын жоқ, ол биротала тәслим болған” деген сыяқлы надурыс ойлардың үстемлигин сезип қаламыз. Бул пикирлердиң ушқарылығы, садалық пенен жүзеге келип атырғаны, әдебий сынды бир тәреплеме ғана әдебияттың унамсыз нусқаларын айтыў, «сынаў», ямаса «мақтаў» деп түсиниў пүткиллей қәте екенлиги анық. Ҳақыйқатында әдебий өмирди әдалатлы баҳалаў, кемшиликлерге сыншыл маўасасыз екенлигин ең алды менен жазыўшы шайырлардың өзлери ақ көкиреги менен терең түсинип жете бермейди. Ал әдебий сын майданында соңғы жыллары жарық көрген Қ.Оразымбетов, Қ.Жәримбетовлердиң «Сынасаң сынып кететуғындай», Қ.Оразымбетовтың «Туфлий қайда, шаш қайда?» («Еркин Қарқалпақстан», 2011,март) Қ.Оразымбетов, Ж.Сағыйдуллаевалардың «Бас қаҳарманның ерликлери ҳәм муҳаббат ойынлары» («Қарақалпақ әдебияты» 2012, №1), академик Ж.Базарбаевтың миллий дәстүрлер болған фольклор менен И.Юсупов шығармаларын аяқ асты етиўге қарсы жазылған («Еркин Қарақалпақстан» газетасы,2013) мақалаларының жүзеге келиўи әдебий сын менен әдебияттаныў илиминдеги ашынарлы жағдайларды сынаўға қаратылған орынлы пикирлер, әдебий сындағы сергеклик, ояныўдың, қарғылықтың белгиси. Булардан тысқары ҳәр қыйлы жанрдағы жаңа дөретпелерди таллаўға арналған көплеген шолыў ҳәм дөретиўшилик тулға формасындағы әдебий мийнетлер жетерли түрде, ҳәттеки, көп муғдарда жәрияланып атыр. Бул бағытта «Әмиўдәрья» ҳәм «Қарақалпақ әдебияты» газетасы күнделикли баспа орынларының барлығы белсендилик хызмет етпекте. Әдебиятшы сыншыларымыз жазыўшы шайырлар ямаса әдебиятшы илимпазлардың мүшели той мерекелерине байланыслы айтарлықтай көплеген мақалалар жәрияламақта.
Мине, усы жерден-ақ әдебий сынның жанрлық шегараларын танлаўдағы әдебиятшы сыншыларымыздың бираз шеклениўге мәжбүр болғаны сезилип тур.
Өйткени той сәнелерине байланыслы мақалалар: дөретиўшилик тулға ямаса олардың гейпара тәреплери туўралы мийнетлер баспа сөзде иркинишсиз жәрияланады, өйткени олар туўралы ҳүкимет қарарлары шығады. Демек, усындай себеплерге байланыслы сыншылардың бираз сада таллаўға, бурыннан қатып қалған штамп пенен схематизмге қурылған мақалалар инкубатордан шығарылған шөжелердей өрип атырғанын жасыра алмаймыз. Атап айтқанда өткен жылы ( «Әмиўдарья» журналының 2020, №3) өзинде, бир санда Ж.Хошниязов, А.Әбдиев, А.Султанов, Р.Мәмбетназаров, Д.Камалова ҳәм Ж.Есеновтың бес-алты мақаласы жәрияланған.
Әлбетте, аталған мақалаларда сыншы әдебиятшыларымыздың қалыс баҳа бериў нийетлериниң дүзиў, олардың қәлем тартқан әдебий текстлик материалларының жеткиликли екенин айтыў орынлы. Бул бағдарда Ж.Хошниязов жазыўшы ҳәм илимпаз Ә.Тәжимуратовтың көбирек қарақалпақ халық қосықлары туўралы мийнетине З.Бекбергенова, Р.Мәмбетназарова , әдебиятшы З.Насруллаеваның дөретиўшилик тулғасына байланыслы, Д.Камалова қәлеми ысылған М.Таўмуратовтың көркем прозасына шолыў түриндеги таллаўларын усынған. Ал бирақ бул мийнетлериндеги ортақ типик кемшиликлер булар сол портрет- әдебий тулға жаратыўдағы бурын қатып қалған схематизмнен қутыла алмаўы, шайыр-жазыўшылар менен әдебиятшы алымлардың мийнетлериниң көбинесе мазмунын ғана аннотациялық түрде баянлап бериў, тутас бүгинги әдебий сынымыздың, садалығы менен таяр траферетлерден қутыла алмайтуғын иллетин аңлатып турады. Мысалы, А.Тәжимуратов, З.Насруллаева сыяқлы көп ўақытлардан берли қәнийгелерге жақсы таныс қәлем ийелериниң өмирбаянлық мағлыўматлары әлле қашан жазыўшылар менен илимпазлар туўралы библиографиялық, мағлыўматнама китапларда (авторлары С.Ахметов, К.Худайбергенов, Ж.Есенов, З.Бекбергеновалар) қайта-қайта жәрияланған. Ал буған қосымша мектеп сабақларында ақ белгили болып қалған жазыўшылар менен әдебиятшылар туўралы өмирбаянлық, библиографиялық мағлыўматнамалар аннотациялық пикирлер басқа да сын мақалаларда жөнсиз қайталанады. Булар әдебий сын ямаса кең оқыўшылар жәмийетшилиги ушын жаңалық па, ямаса зәрүрлиги бар ма?!
Усы мәселелер туўралы бурын да «Жазыўшылардың тулғасын шебер ашайық» ( «Еркин Қарақалпақстан» газетасы, 1999 жыл, 10 июнь) деген мақаламда ескерткен едим. Бул пикирлеримди қайталасам да олардың ең баслысы объектке алынған материал, фактлерин дизип баянлаўдың тәсирсизлиги баслы кемшилик болып көринеди. Усындай бир тәреплемеликтен жас әдебияшы Д.Камалова «М.Таўмуратовтың дөретиўшилиги ҳаққында» ( «Әмиўдарья» журналы 2020жыл, № 3, 76-80 бетлер) деген мақаласында бираз қутылыўға умтылған ,жазыўшының гейпара табысларын таўып белгилеген. Соның менен бирге жас әдебиятшы М.Таўмуратовтың табыслары менен қаҳарман образын ашыў өзиншеликлерин басқа да әдебият ўәкиллериниң шығармалары менен салыстырыў, олар арасындағы типологиялық сыпатларды ашыўға умтылыўларын толық қоллап-қуўатлаўға ылайық.
Ал тәжирийбели шайыр ҳәм әдебиятшы, илимпаз Ж. Хошниязовтың мынандай пикирлерине дыққат аўдарсақ: «Ә.Тәжимуратовтың пикиринше мазмуны ҳәм көркемлиги жағынан ҳәр қыйлы болғанлығы себепли олардың жанрлық сыпатланғанларын анықлаў пайда болады, сөйтип қарақалпақ халық қосықларын мынандай түрлерге бөледи: 1.Мийнет қосықлары.2. Муҳаббат қосықлары.3.Диний қосықлар. 4. Балалар қосықлары. 5. Термелер. 6.Толғаўлар. 7. Тарийхый жырлар. 8. Дәстүр жырлары. 9.Бесик жырлары (Ж.Хошниязов Халық қәдирлеген инсан «Әмиўдарья» журналы 2020 №3, 56 бет).
Усындай типтеги сөз етилип отырған объекттиң қурғақ, әлле қашан мәлим мазмунын баянлаўшы тәсирсиз сыпатлар мақалада басым орын ийелейди. Бул типтеги көркем шығарманың сюжетлик ямаса идеялық тематикалық мазмунын айтып бериў менен шекленген пикирлердиң үстемлиги З.Бекбергенова, Р.Мамбетназаровалардың «Әдебияттаныў илиминиң жан күйери», А. Әбдиевтың шолыў түриндеги жәрияланған көркем проза туўралы мақалаларында орын алған. Олар бизиңше жас әдебиятшылар менен тутас жәмийетшиликке пайда келтирип, үлги бола ма?
Усындай трафаретлик үлгиден қутыла алмаўшылық иллеттиң кесапатлары жазыўшы-сыншы А.Султановтың «Қарақалпақ прозасының жемисли қәдемлери» ( журнал, сол санда) деген мақаласы да қуры алақан емес.
Пикирлеримиз дәлийлсиз болмаўы ушын олардан гейпара мыссаллар келтирсек: Қарақалпақстан Республикасының әдебият ҳәм сын жәмийетлик ой-пикир журналы болған «Әмиўдарья » 2019 жылы бир қанша прозалық шығармалар жарық көрди…. Баспа сөзде көринип киятырған бири Медет Атажановтың «Әмиўдарья» журналының бир санында үш гүрриңи басылып шықты (Сол журнал №3,87бет). Сөйтип А.Әбдиев мақалада М.Атажановтың «Ағамның ийтлери», «Сизлерге рахмет», «Иним», «Колайлы адам жоқ» гүрриңлерин қурғақ түрде идеялық тематикалық ҳәм оғыры қысқа талланған болады. Мақалада және де Н.Жаңабаева, Ф.Сержанова ҳәм тағы басқалардың гүрриңлерин атаўда идеялық-тематикалық қурғақ мазмунын айтып бериўде, таяр схема ҳәм мағлыўматнамалық қәсийетлери менен жәмийетшиликти қанаатландыра алмағанын айтсақ, инимиз биз бенен сыйласықты дурыс түсинсе екен. Автор сыншы П.Хожамуратованың «Фермер» атлы повестин таллаған сыяқлы принципти раўажландырып, қәлем тербегенде жас қәлемкешлердиң шығармаларын дизип, қысқа аннотациялық баҳа менен шеклениўден қутылған болар еди…
Және бир айтып кететуғын нәрсе сол жазыўшы ҳәм сыншыларымыз әдебий сын баҳалаўларда көркем дөретпелерди баспа сөз орынлары («Әмиўдарья» журналы, анаў яки мынаў газеталар деп ) бөлекшелеп-бөлекшелеп, туўрам-туўрам етип баҳалаўлар улыўма көркем ой-пикирдиң, әдебий сынның, қайнаған әдебий өмирдиң абройын тиклей алмайды. Усындай майда темалылық жас әдебиятшы илимпазлардың илимий жумысларында соңғы ўақытлары жүдә жийи ушрасатуғын болды. Олар жеке жазыўшыларды ямаса айырым дәстанлар менен майда жанрлық түрлерди бөлеклеп – бөлеклеп, шекленген материалларды тема етип ала беретуғын болды. Буған тек ғана жаслар емес, ал илимий әдебий орталық, университет пенен педагогикалык институттағы доктарантура (бурынғы аспирантура) бөлимлериндеги илимий атмосфера жуўапкер.
Өткен жылдың аталған журнал санында (2020 №3) мениң де мақалам жәрияланды ҳәм бунда С.Нийетуллаевтың дөретиўшилик жолын айтылып өтилген схематикалық болып қалған усыл менен баҳалаўдан қутқарып, оның той мерекесине байланыслы шайыр дөретиўшилигиниң эстетикалық сыпатлары: формасы, жанрлық көп түрлилиги, қосық қурлысы мәселесинде таллаўға тарттым. Бул бағыттағы өзиншеликлерди өзим түсиндирип отырмай ал басқалар баҳаласа екен деймен.
Ҳәзирги ҳәрекеттеги сында биз айтып отырған типик жетиспеўшилик ямаса ортақ кемшиликлерден тысқары, буннанда өрески, айырым илимий – теориялық түрдеги қопал, надурыс пикирлер ушырасып турады. Атап айтқанда қолымда бар болған әдебий сыншыллық материалларға сүйенип хронологиялық түрде кейинирек шегинис жасап пикирлер айтсам, соңғы толкындағы жас әдебиятшылардың бири доцент, сол ўақытта университеттиң қарақалпақ әдебияты кафедрасының баслығы Қ.Юсуповтың абырайлы басылым болған «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бетлеринде (2014 жыл,№ 12) шайыр Нурлыбай Даўлетбаевтың той сәнесине байланыслы мақаласы жәрияланды. Мақала усы шайырдың дөретиўшилик лабораториясына сәйкес емес «Сезимлер дүньясын тербетип» деп аталады. Бизиңше тийкарынан илимий-теориялық, сыншыллық түрде әдил баҳалағанда Н.Даўлетбаев мақала атына сәйкес келетуғын дөретиўшилик ийеси емес, публицистикалық руўхы басым қәлем ийелериниң бири. Ал әдебиятшы қойған тема М.Сейтниязов, Т.Мәтмуратов, К.Рахманов, У.Хожаназаров, Ж.Избасқанов, Ҳ.Айымбетов, Х.Даўлетназаров, О.Сәтбаев ҳәм басқалар болса орынлы. Сол себепли әдебий сын мақаланың аты, темасының өзи сол мийнеттиң салмағын танытып, әдебиятшы сыншы илимпаздың ой-өрис дәрежесин, оның өз баҳалаў объектине болған жанлы пафосын ямаса салқын қанлығын аңлатып турады.
Усы әдебиятшы Қ.Юсуповтың илгериде «Әмиўдарья» журналында жәрияланған жақсы лирик шайыр О.Сәтбаевтың дөретиўшилиги туўралы көлемли мақаласында да ҳәзирги гейпара сыншыллық мийнетлерге тән болған баслы кемшиликлердиң бири шайыр шығармаларын бөлек-бөлек дизип баянлаў, бир тутас компазициялық поэтиканың сақланбаўы баслы нуқсан болып көринеди. Улыўма алғанда ҳәр қандай шайыр ямаса көркем проза дөретиўши жазыўшылардың шығармалары тутас әдебий турмыстан бөлекленип ямаса сол жазыўшы-шайырдың бир пүтин өзиншеликлеринен үзип алынып баҳаланбаўы керек. Мақаланың аты-темасының өзи қурғақ, тәсирсиз академиялық стильден гөре, оқыўшыны узақтан шақырып, сыншы пафосын көрсетип турсын!…
Соның менен қатар сыншы ҳәм баспа орынларында отырған әдебият жанашырлары газета ҳәм журнал мақалаларының парқын ажыратып билиўи лазым. Олардың айырмасы мақала темалары, ишки компазициясы тил қолланыўдағы лексикалық, синтаксислик стильден анық белгили болады. Биз таллаған сын мийнетлердиң көпшилиги, дерлик журналға емес, ал газетаның публицистикалық мақалалар стилине бийимлеў көринеди. Ең баслысы сын майданында садалықтан қутылып, әдебий сынның өз ишинде жанрлық көп түрлиликке, поэтикалық қәсийетлерге, эстетикалық шеберликке ерисейик!
Жанзақ Есенов,
филология илимлериниң кандидаты,
әдебиятшы-сыншы.
«Еркин Қарақалпақстан» газетасы
2021-жыл 10-апрельдеги 43-санынан
Қарақалпақстан хабар агентлиги