Усы жыл 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 28 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашып, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 28 жыллығы байрамы менен қутлықлады.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы П.Айтниязов кең түрде баянат жасады.

Атап өтилгениндей, Конституция-ҳәр бир мәмлекеттиң, оның халқының ой-пикирин, еркин, руўхый, жәмийетлик санасын ҳәм мәдениятын ҳәр тәреплеме сәўлелендириўши  Нызам болып табылады. 1993-жыл 9-апрель күни қабыл етилген Конституциямыз жаңа мәмлекет, жаңа жәмийет қурыў, жаңадан-жаңа имканиятлар жаратыўшы тарийхый ҳүжжет сыпатында қәдирленип келинбекте. Оның қабыл етилиўи менен жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик қурылыстың барлық тараўларындағы қатнасықларды, нызамшылығымыздың барлық тараўларын тәртипке салыўшы ҳуқықый система жаратылды.

Қарақалпақстан Республикасы өзиниң нызам менен тастыйықланған мәмлекетлик нышанлары-байрағына, гербине ҳәм гимнине ийе. Инсан мәплерин тәмийинлеўде халық пенен пикирлесиў, олардың усыныс ҳәм талапларын итибарға алыўда олардың мүрәжат етиў ҳуқықына Конституцияда кепиллик берилгенлиги әҳмийетли болып есапланады.

Илаж көркем өнер шеберлериниң «Ығбал бахтым-Конституциям» атамасындағы байрам концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Cалтанатлы мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери