Усы жыл 7-апрель күни пайтахтымыздағы 12-санлы Әмет бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде  Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен ҳәр жылы дәстүрий түрде өткерилип киятырған «Жаслық бәҳәри» жас опера атқарыўшылары таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Таңлаўға қалалық ҳәм районлық басқышта жеңимпаз болған 14 жастан 30 жасқа шекемги 35 жас талант ийеси қатнасты.

Таңлаў қатнасыўшылары өзбек ҳәм сырт ел композиторларының операларынан ариялар, камер вокал дөретпелерин атқарып,  төрешилер қурамы тәрепинен  қатнасыўшылардың профессионаллық таярлығы, репертуары, сахна мәденияты ҳәм шеберлиги қадағалап барылды.

-Мен Қараөзек районлық мәденият бөлимине қараслы «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан Мәденият орайының «Эстрада» дөгерегине қатнасып, устазым Ж.Бекбосыновадан опера көркем өнери сырларын үйренип атырман. Таңлаўда екинши орынды ийелеген болсам, келешекте бириншиликти ийелеў нийетиндемен, – дейди Қараөзек районындағы 13-cанлы улыўма орта билим бериў мектебиниң  8-класс оқыўшысы Дильфуза Турсынбаева.

Жарыс жуўмағында 18-22-жас аралығындағы жаслар арасында Хожели районындағы 5-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқытыўшысы Сәрбиназ Кәримбаева ҳәм 23-30 жастағылар арасында өткерилген жарыста Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының студенти Юнус Пийшенбаев бириншиликти ийелеп, усы жыл 19-20-апрель күнлери өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы