Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын жәриймаларды онлайн төлеў имканиятын беретуғын «Dyhxx.ejarima.uz» системасы үш күн даўамында ислемейди. Бул ҳаққында ИИМ ЖҲҚББ мәлимлеме хызмети хабар берди.
Мәлим болыўынша, «Dyhxx.ejarima.uz» системасын модернизациялаў ҳәм жетилистириў жумыслары әмелге асырылыўы себепли система усы жылдың 7-апрель күни саат 22:00 ден 11-апрель күни саат 16:00 ге шекем ўақытша ислемейди.
Телеграмдағы «Банк ва мижоз» каналының жазыўынша, техникалық жумыслар ўақтында – 9-11-апрель күнлери Орайлық банктиң есапласыў бойынша клиринг (MUNIS) системасы арқалы «0210-MVD oplata shtrafov» хызметлер жеткерип бериўшисине ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ушын төлениўи керек болған жәрийма төлемлери қабыл етилмейди.
Мағлыўмат ушын, Ишки ислер министрлиги «Dyhxx.ejarima.uz» системасын 2019-жылдың июль айында иске түсирген болып, ол Жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғаны сәўлеленген видеожазыўларды қабыллаў ушын арналған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.