Усы жылдың 1-6-апрель күнлери Жиззақ Олимпия резервлери колледжиниң спорт залында баскетбол бойынша 2002-2004-жылларда туўылған қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты жарыслары болып өтти.

 

Жарысқа Өзбекстанның 7 аймағынан – Жиззақ, Әндижан, Наманган, Ферғана, Наўайы, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан келген улыўма 84 спортшы қыз қатнасты.

 

Қызғын өткен жарысларда 3-орын ушын Наманган ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы командалары ойын өткерди. Жарыс жуўмағында қарсыласларына қарағанда жақсы таярлықларға ийе екенлигин көрсете алған республикамыздың спортшы қызлары чемпионаттың бронза медалына ийе болды.

 

Жарыста жиззақлы қызлар 1-орын, ферғаналы баскетболшылар 2-орынды ийеледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.