5-апрель күни футбол бойынша Өзбекстан Про-лигасыныӊ 3-турында Нөкистиӊ «Арал самалы» командасы Самарқандтыӊ «Динамо» клубыныӊ мийманы болды.
Ойын стадионға жыйналған жергиликли команда жанкүйерлери менен «Футбол тв» телеканалы арқалы усы ушырасыўды тамашалап, командамызға жанашырлық етип отырған «Арал самалы» ықласбентлерин де зериктирмеди, деп толық айта аламыз.
Демек, ушырасыўға тоқталатуғын болсақ, ойынды кескин ҳүжимлер менен баслаған «Динамо» дәслепки минутларда-ақ нөкисли футболшыларды әдеўир албыратып таслады. Усындай ҳүжимлердиӊ биринде самарқандлылар қурамында ҳәрекет етип атырған украиналы 23 жасар легионер Олег Марчук қорғаўшыларымыз қәтесинен нәтийжели пайдаланып, ойынныӊ 6-минутында «Арал самалы» дәрўазасына гол урыўға еристи.
Буннан соӊ бизиӊ командамыз ағзалары да өзлерине келип, қарсылас дәрўазаға қарай ҳүжимге өте баслады ҳәм ушырасыўдыӊ 10-минутында командамыздыӊ тәжирийбели футболшыларыныӊ бири Наўрызбек Алимов Ербол Сейтназаров тәрепинен жәрийма майданына жоллаған тобын басы менен «Динамо» дәрўазасына анық жоллап, ортадағы есапты теӊлестириўге миясар болды.
Бирақ, ойынныӊ биринши таймында «Динамо» қурамында ойнаған ҳүжимшилер Олег Марчук ҳәм Темур Усмановлар қорғаўшыларымыздыӊ қопал қәтелеринен орынлы пайдаланып, ушырасыўдағы есапты 3-1 ге жеткериўге еристи.
Ойынныӊ 2-таймына командамыз футболшылары ҳәр тәреплеме жақсы таярланғанын көрсете алды ҳәм қарсылас дәрўазаға қарай тез-тезден ҳүжимлер шөлкемлестирип турды. Усындай ҳүжимлердиӊ биринде қарсылас команда жәрийма майданына жолланған топ Наўрызбек Алимовқа келип түсип, ол усы жоқарыдан узатылған топты Әмир Абдиразиевке жеткерип берди ҳәм футболшымыз басы менен «Динамо» дәрўазасын анық нышанға алып, ортадағы есапты қысқартыўға еристи.
Буннан соӊ да командамыз ағзалары ортадағы есапты теӊлестириў ушын бар шеберлигин жумсап, қарсылас командаға салыстырғанда көбирек ҳүжимге өтип турды. Бирақ, футболшыларымыздыӊ тәжирийбесизлиги себепли, олар бул жаратылған имканиятлардан толық пайдалана алмады.
Ушырасыўдыӊ 2-таймында «Арал самалы» қурамында ойнаған Русланбек Меӊлимуратов, Мийрас Қарлыбаев ҳәм Жамшид Боранбаевлар ойынды басқарған төреши Абдурашид Худайберганов тәрепинен сары карточка менен жазаланды. Бул болса, командамыздыӊ келеси ушырасыўларында толық қурамында қатнасыўына кесент бериўи мүмкин.
Жуўмақластырып айтқанда, бизиӊ командамыз футболшылары ушырасыўда өзиниӊ имканиятларынан келип шығып ойын көрсетти, лекин, қарсылас команда қурамындағы легионер футболшылардыӊ ойында көрсеткен тәжирийбеси себепли, 3-ушырасыўда жеӊилиске ушырадық деп толық айта аламыз.
«Динамо»: 12. Дилшод Ҳамроев (1.Фарҳод Раҳматов, 72), 7. Шохруҳбек Абдураҳмонов, 8. Ҳумоюн Шербўтаев, 9. Темур Усмонов (Михайло Удод, 65), 15. Обид Жўрабоев, 16. Жасур Ҳасанов, 17. Темур Исмоилов (Фахриддин Алимов, 70), 21.Муҳаммадқодир Ҳамралиев, 26. Комил Шарофутдинов, 77. Сардор Эминов, 88. Олег Марчук.
«Арал самалы»: 16. Улуғбек Бекбосинов, 8. Мийрас Қарлыбаев, 9. Нурлыбек Таласбаев, 10. Наўрыз Алимов, 13. Алберт Сыдықов, 17. Әмир Абдразиев, 18. Ислам Сейтназаров, 20. Жамшид Гулмирзаев, 23. Надир Нурматов, 24. Нархан Шерипов, 77. Ербол Сейтназаров
Голлар: Олег Марчук 6, 35, Темур Усмонов 41 – Наўрыз Алимов 10, Әмир Абдиразиев 68.
Адилбай Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги