Футбол бойынша Өзбекстан Про лигасының 3-тур ойынлары шеңберинде республикамыздың «Арал самалы» футбол клубы бүгин, 5-апрель күни Самарқандтың «Динамо» командасына қарсы мийманда ойнайды.

 

Ойын саат 18:00 де Самарқанд қаласындағы «Динамо» стадионында болып өтиўи жобаластырылған. Болып өтетуғын ойын «Futbol TV» телеканалы арқалы тиккелей эфирде алып көрсетилиўи белгиленген.

 

Ойынды Абдурашид Худойберганов басшылығындағы төрешилер қурамы (лайнсменлер Отабек Қосимов, Сухроб Сатторов, бақлаўшы Андрей Тамбовсев, комиссар Бахтиёр Ширинов) басқарып барады.

 

Еслетип өтемиз, өткерилген еки тур нәтийжелерине муўапық, «Арал самалы» командасы улыўма 4 упай, ал «Динамо» 6 упай топлаған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.