Усы жылдың 4-апрель сəнесинде Қанлыкɵл районы орайында жайласқан «Жайҳун» стадионында елимизге белгили палўан, марҳум Жумабай Тɵребаевтың естелигине бағышланған Республика ашық турнири болып ɵтти.

Ашық турнирге республикамыз палўанлары менен бирге Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятларынан да пүткил Өзбекстанға белгили атақлы палўанлар қатнасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болып өткен беллесиўлер жуўмағында 66 кг салмақта  1-орынды Хорезм ўəлəятынан Ж.Адамбоев, 2-орын Шымбай районынан А.Нағметов, 3-орын Нɵкис қаласынан И.Әбдиреймов ҳəм Шымбай районынан А.Алламбергеновлерге несип еткен болса, 81 кг салмақ категориясында 1-орынды  Хорезм ўəлəятынан С.Куриязов, 2-орынды Қоңырат районынан М.Юлдашов, 3-орынды Қанлыкɵл районынан А.Бегалиевлер жеӊип алды. Ал, абсолют салмақта болса, биринши орын  Әмиўдəрья районынан Элёр Машарипов, екинши орын Қоңырат районынан Эргаш Айтбаев, үшинши орынды Самарқанд ўəлəятынан Сухраб Неъматов ҳəм Хорезм ўəлəятынан Балтабай Болтаев ийеледи.

Жарыс  жуўмағында  жеңимпазлар  шɵлкемлестириўшилер тəрепинен медаль, диплом ҳəм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги