Қанлыкөл районы  «Қосжап» аўыл пуқаралар жыйынына қараслы «Бегжап» елаты жыйын орайынан 15 км узақлықта жайласқан еӊ шетки аўыл есапланады.

Аймақтағы 2009-жылы капитал реконструкция есабынан қурып берилген 150 орынлық 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде,  бүгинги күни 171 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Аўылда халық саныныӊ жылдан-жылға көбейип барыўы нәтийжесинде,  мектепте оқыўшылардыӊ билим алыўы ушын,  класс бөлмелериниӊ жетиспеўи көзге тасланбақта. Сондай-ақ, мектепте бүгинги күни инглис тили ҳәм музыка пәнинен муғаллимлер жетиспейди. Бул әлбетте, сабақлардыӊ заман талабына сай өтилиўи ҳәм ҳәр қыйлы пән дөгереклериниӊ турақлы ислеўине тосқынлық етпекте. Усындай унамсыз факторлар себепли, өткен оқыў  жылы  жуўмағында мектептиӊ бирде-бир питкериўшиси жоқары оқыў орнына кире алмаған.

Сонлықтан,  быйылғы жылы мектеп директоры ҳәм оныӊ орынбасарлары өзгертилип, оқыў дәргайына усы аўыл турғыны Дәўлетияр Утепов басшы етип тайынланған. Мектепке жаӊа басшылардыӊ тайынланыўы менен муғаллимлердиӊ сабақ өтиў процесинде бир қанша унамлы жумыслар исленип,   буныӊ нәтийжеси оқыўшылардыӊ соӊғы ўақытлары қатнасқан ҳәр қыйлы пәнлер олимпиадасы ҳәм спорт жарысларында айқын көзге тасланбақта.

–Мектебимиздиӊ 6-класс оқыўшысы Руслан Рахманбердиев ҳәм 7-класс оқыўшысы  Қуўандық Дошмуратовлар математика пәнинен Қоқанд олимпиадасында, Индира Ережепбаева деген оқыўшымыз  информатика пәнинен «Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ректорыныӊ кубоги» атамасындағы  олимпиадада районда 1-орынды ийелеп, республикалық басқышқа мүнәсип түрде қатнасып қайтты,-дейди мектеп директоры Дәўлетияр Утепов.-Сондай-ақ, мектебимиздиӊ 2008-2009-жыллары туўылған қызлары 27-28-январь  күнлери Нөкис қаласында улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары арасында болып өткен Қарақалпақстан чемпионатында 1-орынды ийелеўге миясар болды. Сондай-ақ, 2003-2004-жылы туўылған ер балалар командамыз да «Үмит нәлшелери»  спорт жарысыныӊ районлық басқышында 1-орынды ийелеп, Мойнақ районында өткерилген аймақлық басқышта да барлық қарсыласларын жеӊип шығып, ҳәзирги күнлери усы жарыстыӊ республикалық басқышына қызғын таярлықлар көрмекте.

Бизлер сапарымыз барысында усы жеӊимпаз команда ағзалары менен сәўбетлестик.

– Қол тобы спорты менен 4 жылдан берли тренеримиз Райгүл Ильясованыӊ басшылығында шуғылланып келмектемиз,-дейди 6-класс оқыўшысы Зинахан Сапарниязова.-Усы аралықта бизлер бир қанша жарысларға қатнасып, районда бир неше мәрте жеӊимпаз атандық. Бирақ, Қарақалпақстанда 1-орынды алалмай жүрип едик. Ал, быйылғы жылы болса, дәслеп Хожели районы командасын 6-1, ярым финальда Нөкис қаласы оқыўшыларын 6-3, финальда болса, шымбайлы қызларды 4-3 есабында  жеӊип шығып, Қарақалпақстан чемпионы болыўға еристик. Ҳәзирги күнлери мектебимиздиӊ даладағы спорт майданшасында ҳәптесине үш мәрте шынығыўлар алып барып атырмыз.

-Мектебимизде спорт зал болмағанлықтан бизлер қысы-жазы далада шуғылланыўға мәжбүрмиз,-дейди усы команданыӊ және бир ағзасы Муҳаббат Ережепова.- Бизлердиӊ спорт залда шуғылланбағанымыз  район ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын жарысларда айқын көзге тасланып, оқыўшыларымыз жабық залда әдеўир албырайды. Сонлықтан тренеримиз бизлерди жарыстан бир-еки күн бурын залға апарып шуғылландырып алады. Ҳәзир командамыз ағзалары менен бирге Өзбекстан чемпионатына таярланып атырмыз.

– Сизлердиӊ бүгинги еӊ баслы әрманыӊыз қандай?-деген сораўымызға:

-Бизлердиӊ бүгинги күндеги еӊ баслы мақсетимиз, командамыз бенен биргеликте Өзбекстан чемпионлығын жеӊип алып, Қарақалпақстанныӊ байрағын жоқарыларда желбиретип,  өзимиз билим алып атырған мектепти пүткил елимизге танытсақ деймиз. Бизлер Өзбекстан чемпионы  атансақ ғана, мектебимизге заманагөй спорт зал ҳәм пән кабинетлери қурылып берилетуғын шығар, деп ойлаймыз. Усы әрманымызды әмелге асырыў ушын аянбастан шынығыўлар алып бара беремиз,-деп жуўап берди қызлар келешектен үлкен үмит күтип.

Бизлер де бул жас нәўшелердиӊ үмити ақланып, келешекте олар Өзбекстан чемпионы атанатуғынлығына беккем исенип, аўыл мектебиниӊ бул машқалаларыныӊ тез арада унамлы шешим табыўы ушын республика ҳүкимети, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм район ҳәкимлиги басшылары өзлериниӊ жәрдемлерин көрсететуғынлығына  үмит етип қаламыз.

 

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги