Усы жыл 1-4-апрель күнлери аралығында Cырдәрья ўәлаятының Гулистан қаласында спорттың қол урысы түри бойынша 10-11 ҳәм 12-13 жас арасындағы жас өспиримлер  ҳәм 14-15 жас арасындағы қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилди.

Оған республикамыздың 1000ға шамалас спортшылары қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасынан 70 спортшы қатнасып, 1 алтын, 4 гүмис ҳәм  5 қола медальларды қолға киргизди.

12-13 жас арасында өткерилген жарыста Азамат Имамадиев Өзбекстан чемпионы болды. Ал, жас категориясына қарай, Айзада Хамитова (46 кг салмақта) екинши, Тумарис Сапарниязова  (65 кг салмақта) екинши, Бегис Кенжебаев (46кг салмақта), Елмурат Ташметов (42 кг салмақта) екинши орынды ийелеген болса,  Машхура Қалбаева (55кг салмақта), Сания Гариева (60кг салмақта), Наби Алиев (39 кг салмақта),  Дилназа Оразбаева (50кг салмақта), Гоззал Гүлимбетова  (46 кг салмақта)лар  үшинши орынды ийеледи.

– Чемпионат қызғын беллесиўлерге бай болды. Устазларымнан алған билимим ҳәм тынымсыз шынығыўларымның арқасында қарсыласларымның үстинен жеңиске еристим. Келешекте Жәҳән чемпионы болыў нийетиндемен, – дейди Өзбекстан чемпионы Азамат Имамадиев.

Жарыс жеңимпазлары Жәҳән чемпионатына жоллама алды.

Спортшыларды жарысқа Баҳадыр Қайпов, Юсип Абдисадықов ҳәм Наўрыз Ерекеевлар таярлады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы