Халқымыз арасында күлкили әңгимелер, анекдотлар, ушырма сөзлер, аўызеки ҳәм жазба дәреклер бүгинги күнге шекем жетип келген.
Көп әсирлик тарийхқа ийе юмор-сатира жанрындағы дөретпелерди келешек әўладқа жеткериў, оны заманға сай бағдарда раўажландырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте елимизде биринши мәрте «Лаққылар» республикалық таңлаўы өткерилди.
Усы жыл 1-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.
Таңлаўға 18-40 жас аралығындағы лаққышылық, юмор-сатира, күлкили әңгиме, ўақыялар, анекдотлар, қосықлар, ушырма сөзлер, гүрриңлерге қызығыўшы профессионал ҳәм ҳәўескер талант ийелери «Лаққының сәлеми», «Лаққыдан лап» атамасындағы шәртлер бойынша өз-ара беллести.
Төрешилер қурамы қатнасыўшылардың актёрлық шеберлиги, дөретиўшилик қәбилети, сахнада өзин тутыў мәденияты, ҳәр қыйлы жағдайлардан шығып кетиўин баҳалап барды.
Таңлаўдың республикалық басқышында қала ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған 13 адам қатнасып, таңлаў жуўмағында Мухаммед Наўрызов (Шоманай районы) биринши, Наўрыз Нурымбетов (Тақыятас районы) екинши, Саламат Қурбанов (Нөкис қаласы) үшинши орынды ийеледи.
Таңлаў жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқан қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы