Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи тәрепинен елимиздиӊ мәденият тараӯын  раӯажландырыў ушын пидәкерлик пенен хызмет еткен уллы инсанлардыӊ басып өткен өмир жолы  ҳәм мийнетлерин  өсип киятырған жас әӯладқа үлги етип көрсетиӯ мақсетинде елимизге белгили инсанлар менен ушырасыў кешелери өткерилип келинбекте.

Усындай мақсетте  белгили драматург, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Полат Айтмуратовтыӊ 60 жасқа толыў мүнәсибети менен «Көркем өнер жанкүйери» атамасында ушырасыӯ кешеси өткерилди.

Онда Ɵзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Нажимаддин Аӊсатбаев ҳәм Райхан Сапаровалар шығып сөйлеп, П.Айтмуратовтың мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жемисли мийнетлери, миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыў, халқымыздың мәнаўиятын жоқарылатыў,  жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда қосқан салмақлы үлеслери кең түрде атап өтилди.

Ушырасыӯ қатнасыўшыларына Ɵзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының  студентлери тәрепинен таярланған сахналық көринис қойып берилди.

Студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораӯларына жуӯап алды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги