Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор, дирижёр, хормейстер, профессор Қурбанбай Заретдиновтың 70 жасқа толыў мүнәсибети менен дөретиўшилик кешеси өткерилди.

Ушырасыў кешесине көркем өнер ықласбентлери, композитордың  шәкиртлери, жоқары оқыў орынларының  студент-жаслары, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм кең  жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Кеше қатнасыўшыларына композитордың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында видеоролик қойып берилди.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов  шығып сөйлеп, юбилей мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен композиторға «Ардақлы нураний» көкирек белгиси салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Мәденият министриниң қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм композитордың  дөретиўшилик жолы, дөреткен намалары ҳаққында кең түрде пикир билдирди.

– Қурбанбай Заретдинов өзиниң айрықша таланты, терең ой-пикири, бай дүньяқарасы менен миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди раўажландырыўда, талантлы жасларды тәрбиялап шығарыўда орны салмақлы, – дейди Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының оқытыўшысы Жаббарберген Хожанов. Оны «Қырқ қыз» балети, «Тумарис», «Халық ушын» операларының, сондай-ақ халқымыз сүйип тыңлайтуғын,  жаслық ҳәм дослықты, ана-Ўатанды жырлайтуғын ҳәр түрли жанрдағы баҳалы шығармаларының авторы сыпатында халқымыз жақсы таныйды. Оның «Бул жер еле зор болады», «Ярым сен жүрген жерде», «Халық ушын», «Өзиң Ўатан», «Ана жер-Ана», «Дайы қыз», «Сениң көзлериң» ҳәм басқада намаларынан дөреген қосықлар халқымыз арасында кеңнен таралған.

Кеше қатнасыўшыларына композитордың  шығармаларынан дүзилген «Ўатанымды жырлайман» атамасындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы