Әмиўдәрья районында жасларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде районның шетки аймақларында жайласқан билимлендириў мәкемелериндеги социаллық қорғаўға мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери, мектеплерге 5-6 километр узақтан қатнап оқып атырған оқыўшы жаслар дизими қәлиплестирилди.

«Amunews.uz» сайтының мәлим етиўинше, райондағы 85 улыўма билим бериў мектебиниң 1-11-класс оқыўшылары арасында 50 оқыўшы узақ аралықтан мектеплерге қатнап, тәлим-тәрбия алып киятырғаны анықланған.

 

Бүгин, 31-март күни район ҳәкимлиги имаратында усы оқыўшылар менен ушырасыў шөлкемлестирилип, оған район ҳәкими С.Йўлдошев ҳәм сектор басшылары, районлық Халық билимлендириў бөлими, билимлендириў мәкемелериниң жуўапкерлери қатнасты.

Ушырасыўда узақ аралықтан мектеплерге қатнайтуғын 50 оқыўшыға 50 дана веолсипед тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.