Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2020-жыл 28-декабрь күни Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан жаслары форумында шығып сөйлеген сөзинде жасларымызды Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси сыпатында жоқары қәдирлейтуғынын атап өткен еди.

Бүгин елимизде үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўда ең әҳмийетли буўынларының бири болған билимлендириў тараўында түпкиликли реформалар избе-из әмелге асырылмақта, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, олар ушын шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. 2021-жыл – Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылында бул бағдардағы жумыслар жоқары басқышта даўам етпекте.

Нәтийжеде жасларымыз заманагөй, барлық қолайлықларға ийе билим дәргайларында оқып, өз қәбилетин ҳәм талантын жүзеге шығарыў, халықаралық пән олимпиадалары, көрик-таңлаўлар, спорт жарысларында жоқары орынларды ийелеў, дүньяның раўажланған мәмлекетлериниң ең күшли жоқары оқыў орынларында билим алыў имканиятларына ийе болмақта.

Бир ғана мысал. Нөкисте шөлкемлестирилген Президент мектебиниң ашылғанына көп ўақыт болмаған болса да, бул мәсканда билим алып атырған жаслар үлкен нәтийжелерге ериспекте. Атап айтқанда, мектептиң 18 питкериўшиси сырт елдиң ең алды жоқары оқыў орынларына кириў бахтына миясар болды.

Әлбетте, бунда ул-қызлардың заманагөй билимлерди ийелеўи ушын жаратылған шараятлар менен бир қатарда оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерди айрықша атап өтиў тийис.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен қала ҳәм районлар ҳәкимликлери тәрепинен Президент мектебиниң инталы, қәбилетли оқыўшылары материаллық жақтан қоллап-қуўатланбақта. Атап айтқанда, мектеп оқыўшыларына Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен 8 миллионан аслам, Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги тәрепинен 7 миллионға жақын, Шоманай районы ҳәкимлиги тәрепинен 4 миллион сўм муғдарында материаллық жәрдем берилди.

– Өсип киятырған жас әўлад үлкен күш ҳәм потенциалға ийе, – дейди Президент мектебиниң директоры Н.Балтабаева. – Елимизде жасларымызға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлық олардың өз алдына үлкен мақсетлер қойып, жоқары шыңларға жетиўинде айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Буның ушын Президентимиз ҳәм республикамыз басшыларына үлкен миннетдаршылығымызды билдиремиз.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.