Нөкис районы “Тақыркөл” аўыл пуқаралар жыйынында 1340 хожалықта 7100ден аслам халық жасайды. Аймақ турғынлары тийкарынан дийқаншылық пенен шуғылланады.
Мақалада 2015-жылы газ басымы төменлиги себепли, районлық газ тармақлары хызметкерлери тәрепинен қырқып тасланған,- деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2015-жыл 7-июльдағы ПҚ-2367-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2015-жыл 4-майдағы №06/1-2598-санлы баянламасы, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ 2015-жыл 7-майдағы 01-08/8-05/253-санлы қарары ҳәм де Нөкис районы ҳәкиминиӊ 2015-жыл 15-майдағы 433/5-1-санлы шешими шығарылып, тәбийий газ жетип барыўы қыйын аймақлығы себепли газ тармағынан суйылтырылған газге масластырылған. Ҳәзирги күнде “Nukustumangaz” газ тәмийнаты бөлими тәрепинен автотранспорт жәрдеминде суйылтырылған газ баллонлары ҳәм көмир брикетлери менен тәмийинленип келинбекте.
“Тақыркөл” АПЖ Өрнек массиви аймағында 2021-жылда “Абат аўыл” бағдарламасына киргизилип, усы бағдарлама шеңберинде төмендегише қурылыс оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Атап айтқанда:
1.Ишимлик суў тармағын тартыў бойынша 11,2 км белгиленип, бүгинги күни жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери ислеп шығылмақта.
- Ишки жоллар бойынша 12,5 км жолларды оңлаў режелестирилген, улыўма белгиленген сумма 3 млрд. 625 млн.сумды қурап, бүгинги күни жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери ислеп шығылмақта.
- Пиядалар жолларын қурыў ҳәм оңлаў бойынша 5 км жолларды оңлаў режелестирилген улыўма белгиленген сумма 1 млрд 6 млн сўмды қурап, бүгинги күни жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери ислеп шығылмақта.
- Сондай-ақ, 365 дана көшелерге түнги жақтыландырыўшы қурылмаларды қурыў ҳәм оңлаў режелестирилген ҳәм оған 713 млн сум ажыратыў белгиленген. Ҳәзирги күнлери буны каржыландырыў мәселеси көрип шығылмақта.
- Соныӊ менен бирге аймаққа электр энергиясын тартыў, курыў ҳәм оӊлаў бойынша 60 дана бетон бағаналарын курыў режелестирилген ҳәм оған улыўма 100 млн 952 мын сум қаржы ажыратылған. Бүгинги күни 2 дана трансформатор жаңадан орнатылды.
- Газ тармағын қурыў ҳәм оӊлаў бойынша 4,6 км газ тармақларын тәртиплестириў ҳәм 5 дана ГРП үскенесин техникалық тексериўден өткериў режелестирилген ҳәм буныӊ улыўма суммасы 38 млн.сумды қурайды. Бүгинги күни 100 метр газ тармақлары тәртиплестирилди ҳәм 2 дана ГРП үскенеси техникалық тексериўден өткерилди.
- Байланыс тармақларын тартыў бойынша 2 км етип белгиленген ҳәм буныӊ ушын 950 млн.сўм белгиленген. Бүгинги күни жумыслар алып барылмақта.
- “Тақыркөл” АПЖ Өрнек массиви аймағында жайласқан 20-санлы мектепти капитал оӊлаў белгиленип, оған улыўма 2 млрд 100 млн.сум ажыратыў ушын, бүгинги күни жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери ислеп шығылмақта.
Сондай-ақ, усы аймақтағы 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў бөлими имаратына капитал оңлаў жумысларын алып барыў белгиленип, оныӊ улыўма сметалық бахасы 2 млрд сумды қурайды ҳәм ҳәзирги ўақытлары жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери ислеп шығылмақта.
Нөкис аўыл хожалығы колледжин тамамлап, үйде жумыссыз жүрген едим,-дейди Дилшад Қалбаев.-Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ҳәр бир жасқа бир гектардан жер берилсин деген басламасын қызғын қоллап-қуўатлап, менде жыйын ақсақалына мүрәжат еттим ҳәм маған район ҳәкимлиги тәрепинен «Өрнекли дийқан» фермер хожалығынан 50 сотых егислик жер ажыратып берилгенлиги атап өтилген.
“Ѳрнекли дийхан» фермер хожалығынан 2 жасқа Аблаков Рахат Хакимбаевич ҳәм Калбаев Дилшод Айтбаевичлерге дәслеп 0,5 га, соң қосымша 0,5 га, жәми 1,0 гектардан жер ажыратып берилди.
Аўыл пуқаралар жыйынында усы жылы 30 пуқара «Темир дәптер» дизимине, 55 пуқара «Ҳаял-қызлар дәптери»не, 217 пуқара «Жаслар дәптери» дизимине алынды. Соннан, «Темир дәптер» дизиминдеги пуқараларға үгит-нәсият жүргизилип жеңиллетилген кредит алыў ушын жол-жобалар кѳрсетилди ҳәм усыныслар берилди. «Ҳаял-қызлар дәптери» дизиминдеги ҳаял-қызларды кәсипке бағдарлаў бойынша оқыў курсларына жиберип, сертификат бериў арқалы кредитлер берилмекте. «Жаслар дәптери»ндеги 72 жасқа фермер хожалықларынан усы жылы пайдаланыўы ушын шәртнама тийкарында егислик жер бѳлип берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги