Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегера посты хызметкерлери тәрепинен бажыхана шегаралары арқалы мәдений байлықларымызды республикамыздың аймағынан алып шығыўға урынған шахс тоқтатып қалынды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1998-жыл 23-марттағы «Өзбекстан Республикасында мәдений байлықлардың алып шығылыўы ҳәм алып кирилиўи мәселелерин тәртипке салыў ҳаққында»ғы қарарында Өзбекстан халықларының мәдений мийрасының сақланыўын тәмийинлеў, мәдений байлықлардың нызамға қайшы рәўиште алып шығылыўы ҳәм алып кирилиўинен қорғаў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде елиў жыл алдын ҳәм оннан да алдынырақ жаратылған мәдений байлықларды Өзбекстан Республикасынан алып шығылып кетилмеўи белгилеп берилген.
Соған қарамастан, айырым пуқараларымыз мәдений байлықларымызды алып шығыўға ҳәрекет етпекте. Мәселен, пост арқалы Өзбекстан Республикасынан қоңсылас Қазақстан Республикасына шығып баратырған пуқара Д.Н. басқарыўындағы «Мерседес-Бенц» маркалы жүк автомашинасы белгиленген тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилгенде усындай жағдай анықланды. Яғный, автомашинада 33 дана 1903-1968–жыллар аралығында ислеп шығарылған ҳәм мәмлекетимиз аймағынан алып шығылыўы қадаған етилген ески теңгелер, алып шығылғанда арнаўлы сертификат талап етилетуғын 3 түрдеги жәми 107 дана (теңге, гилемше ҳәм ҳәйкел) мәдений байлық жасырын алып шығып баратырғанлығы мәлим болды.
Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстант хабар агентлиги