Усы жыл 29-март күни  Қарақалпақстан медицина институтында «Реформаларды әмелге асырыўда мәлимлемениң роли» атамасында семинар болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети ҳәм Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға сенаторлар, депутатлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты О.Атаниязова, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары Л.Сейтова, М.Ибрагимов, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизди, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары аймақларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, ең шетки аўылларда қурылыс және абаданластырыў жумысларын алып барыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул өз гезегинде халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, солай етип, қәмбағаллықты қысқартыўда өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Сонлықтанда, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларды халыққа, ҳәр бир пуқараға жеткериў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири есапланады. Бунда кең жәмийетшиликтиң, әсиресе, ғалаба хабар қуралларының атқаратуғын хызмети айрықша болып табылады.

-Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, аймақларды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды кең жәмийетшиликке жеткериў, өз гезегинде, халқымызды бүгинги күни қыйнап атырған машқалаларды үйрениў болып табылады,-дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Орал Атаниязова,-Буның ушын пуқаралар жыйынларының, секторлардың жумысларын буннан былай да жетилистириў, депутатлардың белсендилигин арттырыў, ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар ўәкиллери менен бирге ислесиўди раўажландырыў талап етиледи.

Ҳәзирги мәлимлеме технологиялары тез пәт пенен раўажланып атырған дәўирде турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлардың мазмун-мәнисин халыққа өз ўақтында ҳәм дурыс тарқатыў унамлы нәтийжесин береди. Семинарда ғалаба хабар қуралларының, социаллық тармақлардың имканиятларынан кеңнен пайдаланыў, олар менен тығыз бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы