Республикамыздағы бир қатар судлардың судьялары Нөкис қаласындағы пуқаралар жыйынларында болып, көшпели қабыллаўлар өткерди.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы А.Нурлипесов, Нөкис районлар аралық экономикалық судының баслығы З.Хасанова, жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының баслығы Ш.Шамамбетов ҳәм Нөкис районлар аралық пуқаралық ислери бойынша судының баслығы Н.Абдакимовлар «Шымбай шайхана», «Халықлар дослығы», «Сарбиназ», «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйынларының турғынларын түрли мәселелерде, соның ишинде, қыйнап киятырған машқалалары бойынша қабыл етти.

Усы күни пуқаралар тийкарыннан турақ жай, кредит алыў, алимент өндириў ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжат етти. Олардың көпшилигине усы жердиң өзинде ҳуқықый түсиник берилди, айырым мәселелердиң шешими қадағалаўға алынды.

Мәселен, «Шымбай шайхана» мәкан пуқаралар жыйының турғыны Г.Асенованың кредит алыў бойынша мүрәжаты унамлы шешилди. Усы мәкан пуқаралар жыйынының турғыны Р.Махсудованың алимент өндириў, Г.Муратбаеваның кредит алыў, «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйынының турғыны В.Пиримбетованың турақ жайға мийрасқорлық етиў бойынша мүрәжатларына ҳуқықый түсиник берилди.

-Бүгинги күни Президентимиз тәрепинен «Мәҳәлле кесиминде» ислеў бойынша жаңа системаны шөлкемлестириў шеңберинде барлық дәрежедеги басшыларға өз тараўы бойынша мәҳәллелердеги жағдайды үйрениў ўазыйпасы қойылмақта,-дейди Нөкис районлар аралық пуқаралық ислери бойынша судының баслығы Низаматдин Абдакимов.-Пуқараларға және де қолайлық жаратыў бойынша усындай көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилмекте.

Ҳақыйқатында да, суд-ҳуқық системасында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, қәнигелер тәрепинен орынларда өткерилип атырған илажлар ең биринши гезекте халқымыздың турмыс шараятының жақсыланыўына, ҳуқықый жәрдем алыўына ҳәм олардың бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.