Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги “Саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы  Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  Нөкис районында спорттыӊ киши футбол түри бойынша “Ҳәким кубоги”  турнири болып өтти.

Оған районда жайласқан мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерден 16 команда қатнасты.  Турнир  жуўмағында  1-орынды “Қырантаў” аўыл пуқаралар жыйыны,  2-орынды 30-санлы  улыўма орта билим бериў мектеби, 3-орынды Балалар ҳәм  жас өспиримлер спорт мектеби менен “Төктаў”  мәкан пуқаралар жыйыны командалары ийелеўге миясар болды.

Сыйлықлаў мәресиминде район ҳәкими Өмирбай Уснатдинов шығып сөйлеп,  жеӊимпазларды  ерискен табысы  менен қутлықлап, оларға 1-2-3-дәрежели дипломлар,  баҳалы саўғалар ҳәм Ҳәким кубогин тапсырды.

 

Адилбай Оразов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги