Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-февральдағы «Өзбекстан Республикасында ишки ҳәм зыярат туризмин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына тийкарында елимиздиң дыққатқа ылайық ҳәм зыярат орынларына саяхатлар шөлкемлестирилмекте.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Кәсиплик аўқамы шөлкеми басламасы менен жәмәәт хызметкерлериниң  дем алыс күнлерин мазмунлы өткериў ушын Хийўа қаласына саяхат шөлкемлестирилди.

– Шөлкемлестирилген саяхат арқалы Хийўаның гөззал минәралары, имаратлары, тарийхый естеликлери ҳәм Әжинияз бабамыздың оқыған медресеси ҳаққында және бир мәрте кеңнен мағлыўматқа ийе болдық, – дейди филиал кәсиплик аўқамы баслығы Б.Бегжанов. – Бундай саяхатлар руўхый дүньямызды байытыўда, мәдений дем алыўымызда оғада әҳмийетли есапланады.

Филиал жәмәәти саяхатта тарийхый ҳәм мәдений естеликлер менен танысып, үлкен тәсирлер алды.

 

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги