Усы жыл 27-март күни «Өзбекстан» ҳәм «Қарақалпақстан» телеканаллары арқалы «Айдынлар» фильминиң премьерасы болып өткен еди. Халқымыз фильмди жыллы жүзлилик пенен күтип алды. Фильмде Арал тәғдири, оның кешеги ҳәм бүгинги күни сүўретленген. Соның менен бирге, соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен Мойнақ районында әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслар, жаңаланыўлар ҳәм өгерислер ҳаққында кең түрде сөз етиледи.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институы Нөкис филиалында студент-жаслардың қатнасыўында «Айдынлар» фильминде бас рольде ойнаған Арман Барақов ҳәм Базарбай Назарымбетовлар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Филиал директоры А.Аяпов, «Режиссура ҳәм актёрлық шеберлиги» кафедрасы оқытыўшысы, Өзбекстан ҳәм Қаракалпақстан халық артисти Н.Аңсатбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, «Айдынлар» фильми халқымыз тәрепинен жоқары дәрежеде күтип алынғаны, актёрлардың фильмде кәмине кетирип роль аткарғанлығын атап өтип, алдағы дөретиўшилик жумысларында табыслар тиледи.

Арман Барақов ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нокис филиалында «Музыкалы театр режиссёрлығы» тәлим бағдарының 1-курсында оқып атыр. Ол дәслепки дөретиўшилик жумысларын қысқа метражлы фильмлерден баслаған. Соңынан «Пушайман» ҳәм «Сейф» фильмлери, сондай-ақ, «Аталар сөзи, ақылдың көзи» сыяқлы көрсетиўлерде роль атқарып келмекте.

Илаж соңында фильм қаҳарманларына филиал кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

Буннан соң қатнасыўшыларға «Айдынлар» фильми қойып берилди.

ӨзМКӨМИ Нокис филиалы баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги