2021-2022-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы өз жумысларын баслаўы жобаластырылған.
ӨзР Президентиниң «2021-2022-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарарының жойбарына муўапық, филиалға 2021-2022-оқыў жылы ушын улыўма 72 студент, соннан 42 си мәмлекетлик грант, ал 30 ы төлемли контракт тийкарында қабылланыўы белгиленген.
Атап айтқанда, профессионал билимлендириў (5 грант, 5 контракт), көркем өнертаныў (5 грант, 5 контракт), дирижёрлық (4 грант, 4 контракт), вокал өнери (3 грант, 2 контракт), саз әсбаплары атқарыўшылығы (25 грант, 14 контракт) бағдарлары бойынша студентлер қабылланыўы жобаластырылған.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында және Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәризде өткерилген мәжилис протоколы қарарына муўапық, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилген еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.